Мәмлекетимизде жүргизилип атырған «Ашық бюджет» мәлимлеме порталында өз жойбарларын усынып, даўыс жыйнаў арқалы пуқаралардың өзлери жасап атырған аймақтағы машқалалары шешимин таўып келмекте.
Даўыс жыйнаў процеси ҳәр бир мәҳәлле, көше турғынларының аўызбиршилик пенен жумыс алып барыўын талап етеди.
Халық пенен бирге әмелге асырылып атырған басламалардың бири Тақыятас районындағы «Тақыятас» МПЖ аймағындағы жолдың асфальтланыў жумыслары «Ашық бюджет» арқалы әмелге асырылмақта. Пуқаралар тәрепинен 2024-жылдың биринши мәўсими шеңберинде «Пуқаралар басламасы» қоры жәмийетшилик пикири тийкарында «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына көшени асфальтлаў бойынша усынылған жойбар 700 даўыс жыйнаў арқалы жеңимпаз деп табылды.
Жойбарды әмелге асырыў ушын 600 млн сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта көшени асфальтлаў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги