1970-жылы Шымбай районындағы ҳәзирги Қамысарық аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Кенегес» аўылында жасаўшы Сапарбай аға менен Бийбижан апаның шаңарағында туўылған перзентке жақсы нийетлер менен Үмит деп ат қойылды. 

Кишкенелигинен илим-билимге ықласлы болған бул қыз райондағы 17-санлы мектепте оқып жүрип-ақ, газета-журналларға мақала, гүрриң ҳәм қосықлар жазып, көпшиликтиң нәзерине илине баслады. Мектептеги устазы Назийра Караматдинова оның қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнине болған қызығыўшылығын аңлап, өз шәкиртин усы пән бойынша өткерилетуғын Олимпиадаға таярлады ҳәм билимге қуштар оқыўшы Үмит устазының өзине билдирген исеними менен үмитин толық ақлады. Атап айтқанда,  ол 10-классты питкеретуғын жылы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша өткерилген пәнлер Олимпиадасының районлық, соңынан республикалық басқышларында биринши орынды ийелеўге еристи ҳәм өз устазлары, ата-анасын шексиз қуўанышқа бөледи.

Әлбетте, қолға киргизилген бул табыс оны және де жигерлендирип, алға қарай умтылдырды. Мектепти питкерген жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине оқыўға тапсырған ол, дәслепки пәннен «4» баҳасы менен өткени менен, екинши имтиханнан «сүрнигип жығылды» ҳәм кеўли әл-ҳаўада пәл-пәллеп, үлкен арзыўлар қушағында жүрген қыздың жүреги шыл-пәрше болды.

Бирақ, қанына питкен қайсарлық ҳәм алға умытылыўшылық, Үмитти тоқтатып қала алмады ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыў мақсетинде, ол 1988-жылы Бозатаў районы  «Ылғаллы мийнет» газетасында хабаршы сыпатында өзиниң журналистлик жумысын баслады.

-Бул жерде мен Пердегүл апа Хожамуратова ҳәм оның өмирлик жолдасы Бахыт ағадан мақала, гүрриң ҳәм очерклер жазыўдың әлўан түрли сырларын үйрендим,-дейди Үмит апа сол жылларды еске түсирип.-Соңынан өзим нийет еткен университетке сырттан оқыўға кирип, әмелий ислеримди, теориялық билимлер менен толықтырып бардым.

Соңынан Үмит Әбдижамилова 1991-жылы республикалық «Қарақалпақстан  жаслары»  газетасына жумысқа шақырылып, ол жерде жаслар турмысына байланыслы мақалалар ҳәм очерклери менен кең жәмийетшиликке таныла баслады.

-Деген менен жаслық ҳәўес пе яки телевидениеде ислеўши журналистлердиң дөретиўшилигине онша кеўлим толмағанлықтан-ба, өзимниң журналистлик шеберлигимди көрсетиў мақсетинде, 1992-жылы Қарақалпақстан телевидениесине журналист сыпатында жумысқа өттим,-дейди ол өз сөзин даўам етип.- Дәслеп “Хабар” редакциясында,  соңын ала  “Жаслар ҳәм балалар” редакциясында жумыс иследим. Бул жерде маған Досмырза Назарбеков ҳәм Қыятбай Мадреймовтай тәжирийбели журналистлер устазлық етип, өзлериниң жол-жобаларын берди. Телевидениеде журналист болып ислеў мен ойлағандай аңсат ис емес екен. Себеби, бир көрсетиў яки материал таярлаў ушын, ең дәслеп объект пенен өзиң барып жақыннан танысыўың, интервью беретуғын респондентлер менен сөйлесип қойыўың керек екен. Соңынан камерашыны алып барып, съёмкаға түсиўиң, гезек пенен монтажлаў ханасына барып монтажлатыўың, соңынан бул бойынша даўысқа түсиўиң, соңынан және көзден өткерип, редакторларға көрсетиўиң керек екен. Бул инсаннан ҳәр тәреплеме терең билимлилик, оперативлик ҳәм сабыр-тақатты талап етеди екен. Сонлықтан бизлер жумысқа ерте таңда барып, үйимизге ала геўгимде қайтатуғын едик. Оннан қалаберсе, шаңарақлы ҳаялға кишкене балаларым менен бул оғада аўыр болды.

Деген менен, журналистлик дөретиўшилигимди және де раўажландырыў мақсетинде, өз үстимде көбирек мийнет етип, республикамыз халқының турмысын сәўлелендириўши жаңа көрсетиўлер таярладым. Атап айтқанда, “Жаңаланыў жолында”, “Сиясий партиялар–демократия тийкары”, “Депутат минбери”, “Ғәзийне таянышы”, “Жүзбе-жүз” ,”Реформа қәдемлери” ҳәм басқа да  көплеген көрсетиўлерди таярлап, онда мәмлекетимиздеги сиясий-экономикалық мәселелерге байланыслы  нызамшылықтағы өзгерислер ҳәм оның әҳмийети туўралы мәселелерди сәўлелендирип бардым.

Соңынан жеке авторлығымда 2008-жылы жаңадан “Мүнәсибет” көрсетиўин таярлап, Қарақалпақстан телевидениесиндеги дәслепки ток-шоу көрсетиў болып кең жәмийетшиликте үлкен резонанс оятты.

Сондай-ақ, Үмит Әбдижамилованың авторлығында “Бизде сондай гәплер”, илимди раўажландырыўға байланыслы “Изленис”, инсан психологиясына байланыслы “Сыр сандығы ашылса”, күнделикли турмыслық мәселелерди талқылаўшы “Жуўапкершилкке нәзер”, дөретиўши кексе әўладларға ҳүрмет ҳәм олардың ақыл-нәсиятларын кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде “Бахтымызға аман болсын”, “Жақтылықты жақсылық баслар”, қарақалпақ халқының үрп-әдет, салт-дәстүрлеринен сыр шертиўши “Этноэтика”  ҳәм түркий тиллес халықлар дәстүрлерин сәўлелендириўши  “Этномәденият” деп аталыўшы көрсетиўлерди таярлап, халықтың нәзерине усынды.

Усылар менен бир қатарда  ол жаңа жыл байрамларында юмор-сатиралық көрсетиўлер таярлаўда да белсендилик көрсетти. Журналисттиң 2023-жылы жаңадан ашқан “Қайсы бири дурыс?” көрсетиўи турмыстағы  ўақыяларды сәўлелендириў арқалы жәмийетти ҳәр қыйлы иллеттен қутқарыўға бағдарланды.

Үмит Әбдижамилова дөретиўши, талант ийеси. Ол жоқарыда айтып өткенимиздей кишкене гезлеринен баслап-ақ, қосық жазады. Оның 2005-жылы “Жақсы адамларға” деп аталған китабы баспадан шыққан. Талантлы журналист Ү.Әбдижамилова тәжирийбели журналист болыў менен бирге, шаңарақта әдиўли ана. Ол усы жыллар ишинде еки перзентти камалға келтирип, олардың жәмийетте өз орынларын табыўында үлкен хызмет атқарды.

Үмит Әбдижамилованың журналистика тараўында ислеген көп жыллық дөретиўшилик мийнетлери инабатқа алынып, ол бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлердиң “Ҳүрмет жарлық”лары, 2018-жылы  Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен  «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

Ал, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, бир қатар белсенди ҳәм дөретиўши инсанлар қатарында “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист” ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўы,     Үмит Әбдижамилованың журналистика тараўындағы ислеген көп жыллық  мийнетине берилген ылайықлы баҳа болды.

-Мениң азы-кем ислеген мийнетлеримди инабатқа алғаны ҳәм көпшилик журналистлер ҳәўес ететуғын ҳүрметли атақ пенен сыйлықлағаны ушын, республикамыз  басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен,-дейди ол қуўаныштан жүзлери гүл-гүл жайнап.-Алдағы ўақытлары да өз билгенлеримди жас журналистлерге үйретип, Ўатанымыздың еле де раўажланыўы жолында аянбастан хызмет ете беремен.

Мақаламыз басында айтып өткенимиздей, қамысарықлы кишкене қыз Үмит бүгинги күнге келип, ата-анасы ҳәм устазлары тәрепинен өзине билдирилген исеним ҳәм үмитти толық ақлағанға уқсайды. Буны оның жүзиндеги қуўаныш, бизлерге билдирген шадлық сезимлери айқын көрсетип тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы