Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгериске бола, сайлаў комиссиясының яки референдум өткериўши комиссияның ағзасы тәрепинен пуқараға бир неше мәрте яки басқа шахслар атынан даўыс бериў ушын сайлаў (даўыс бериў) бюллетенин бергенлиги ушын жуўапкершилик белгиленди.
Сондай-ақ, сиясий партияларға сайлаўда қатнасыў ушын ажыратылған мәмлекетлик қаржылар бойынша Орайлық сайлаў комиссиясына аралық яки жуўмақлаўшы есабатты бермегенлиги ушын яки өз ўақтында бермегенлиги, есабатта биле тура надурыс мағлыўматларды бергенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын қосымша киргизилди.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА