Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында электротехника тараўында өндирис, экспорт ҳәм инвестицияларды көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Онда тараўда жумыс алып барып атырған 100 ден аслам тәжирийбели исбилерменлер де қатнаспақта.
Мәмлекетимиз басшысы жаратылған имканиятлар есабынан соңғы жети жылда тараўға 1 миллиард доллар инвестиция киргизилгенин атап өтти. Нәтийжеде 762 жаңа кәрхана иске қосылған, 45 түрдеги өним ислеп шығарыў жолға қойылған.
Өндирис көлеми 1,8 есеге өсти, жыллық дәраматы 100 миллиард сумнан артқан кәрханалар 6 дан 25 ке көбейди. Тармақтағы кәрханалар есабынан бюджетке түсим 8 есеге артты.
Өнимлеримиз экспорт болып атырған мәмлекетлер соңғы үш жылда 2 есеге артып, 62 ге жетти.
ӨзА