Президент Шавкат Мирзиёев 4-сентябрь күни «Ташкент-Шығыс» аэропорты қурылысын көзден өткерди.

Мəмлекетимизде транспорт инфраструктурасы избе-из раўажландырылмақта. Жаңа жол ҳəм көпирлер қурылып, жолаўшыларға қолайлықлар асырылмақта. Атап айтқанда, ҳаўа жоллары тармағында Самарқанд, Термиз, Мойнақ, Замин, Қоқанд, Үргенш аэропортлары жаңаланып, иске түсирилди. Соңғы жыллары “Ташкент-Шығыс” аэропорты қайта қурылмақта.

Дәслеп 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолы қурылды. Ол ең аўыр самолётларды да қабыллаў қуўатлығына ийе болды. Ҳәзирги ўақытта жоқары мəртебели мийманлар ушын ҳəм бизнес-авиация ушын 2 терминал, перрон ҳəм ангарлар қурылмақта. Аэропорт қолайсыз ҳаўа-райы шараятларында да ушыў -қоныўды тəмийинлейтуғын ICAO III-А критериясындағы заманагөй радиотехника ҳəм метеорология әсбаплары менен үскенеленеди.

Ол жерде терминаллардың сыртқы ҳəм ишки көриниси бойынша презентация өткерилди. Мəмлекетимиз басшысы имаратлардың фасад бөлеги миллий дизайнде болыўы, пардазлаў ҳəм үскенелеўде көзге түсетуғын реңлерге көбирек орын берилиўине итибар қаратты. Жоқары мəртебели мийманларды күтип алыў, ушырасыўлар өткериў ушын барлық қолайлықларды инабатқа алыў зəрүр екенлигин атап өтти.

Бизге белгили, бул аэропорт “Жаңа Өзбекстан” бағы, Олимпиада қалашасы менен бир жерде жайласқан. Бул комплекслерди ҳəм жол бойын көклемзарластырыў, гүллер егип, халқымыз мəдениятын көрсетиў бойынша көрсетпелер берилди.

                                                                                                               ӨзА