«Жас келсе иске» дегениндей жаслық жигер менен мийнет етип, шыныққан инсан ҳәр қашанда жәмийеттен өз орнын таўып, ел-халыққа да, шаңарағына да пайдасы тийеди. Оның ушын алдыға мақсет қойып, соған талпынып жасаў арқалы ҳадал мийнет етиў инсанды табысларға жеткерип, мийнетлериниң жемиси жүзеге шыға баслайды.
Шымбайлы Айбек Тлепбергенов “Кеңес” аўылында жасайды. Әзелден дийқаншылық пенен шуғыллынып киятырған шаңарақта туўылып өскен Айбек жаслығынан жерге меҳир берип өсти. Айбектиң дийқаншылықтан тапқан дәраматы жер салығы ҳәм басқа да машқалалар себепли көп болмайтуғын еди. Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрелдеги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында оған усы жылдың апрель айында “Е-аuksion” электрон саўда платформасы арқалы 30 жылға ижара тийкарында жер ажыратылды. Енди, ол арттырылған салықлардан азат болған ҳалда дийқаншылық пенен шуғылланбақта. Түрли баў-бақша өнимлерин жетистирип хожалығына сап дәрамат келтирмекте.
-Жумыссызлықты себеп етип бийкар жүриў ҳеш бир жасқа жараспайтуғын ис. «Мийнет етсең еринбей, тояды қарның тиленбей»,-дегениндей, мийнет адамды таплайды, жақсы ислерге қарай бағдарлайды. Дийқаншылықта суў болса, жерге меҳир берип мийнет етсең мол дәрамат алыўға болады. Президент пәрманы тийкарында ажыратылған жеримизге барлық овощ-палыз өнимлерин егип, тәрбиясын берип, жемисин де көрип атырмыз,-дейди Айбек Тлепбергенов.
Ол 7-июль күни мәҳәллесиндеги жумыссыз жүрген 30 жасты бирлестирип, “Кеңес хызметлер орайы” кооперациясын ашты. Енди ол тек ғана өзин емес, “Кеңес” аўылындағы өзи сыяқлы 30 жастың да рәсмий дәрамат дерегине ийе болыўына, хожалығына жақсы дәрамат келтириўине себепши болмақта.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги