Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер, парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық институтлар ҳәм регионаллық шөлкемлер, жетекши корпорация ҳәм компаниялар басшыларынан, белгили сиясий, жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Сырт елли бирге ислесиўшилер өз хатларында Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған сиясий өзгерислер ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын беккемлеўге қаратылған прагматикалық ҳәм белсенди сыртқы сиясатты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтпекте. Экономика, социаллық тараў, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа көплеген бағдарлардағы жетискенликлер айрықша атап өтилмекте.

Көп миллетли Өзбекстан халқына тынышлық, абаданлық ҳәм бахыт-ығбал, және де гүллеп-жаснаў ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели Мырза!

Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды билдиремен.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бул әҳмийетли күнди белгилеўде Өзбекстан Республикасы халқының қуўанышына қосылады.

Бул Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў, климат кризисине қарсы гүресиў ҳәм ҳәмме ушын имканиятлар ҳәм үмитлерди кеңейтиў зәрүр екенлигин еслететуғын теңсиз пурсат болып есапланады.

Тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм ҳәмме ушын инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге жәрдем беретуғын тилеклеслик ҳәм улыўмалық қарарлар ушын әйне ўақыт.

Бул қутлы күнди белгилеп, Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм пүткил дүньядағы барлық инсанлар ушын жақсы келешек қурыў бағдарындағы умтылысымыздың исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлаймыз.

Уллы мәртбели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрмет-иззетимди қабыл еткейсиз.

Антониу ГУТЕРРИШ,

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасының миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Мәмлекетиңиз социаллық-экономикалық раўажланыў жолынан исенимли бармақта, регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди шешиўде белсене қатнаспақта, дүнья майданында өз дәрежесин беккемлемекте.

Россия – Өзбекстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық өзгешелигине ийе. Москва ҳәм Ташкент ҳәр қыйлы бағдарларда жедел бирге ислесиў, ҒМДА, ШБШ ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде нәтийжели пикир алысылмақта.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен буннан былай да дос халықларымыздың абаданлығы, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў жолында конструктивлик еки тәреплеме байланысларды избе-из раўажландырамыз, деп исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын кеўлимнен беккем денсаўлық ҳәм табыслар, барлық ўатанласларыңызға болса бахыт-ығбал ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,
Россия Федерациясы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Сизге ҳәм дос Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Сизиң басшылығыңызда «Өзбекстан – 2030» стратегиясы жедел әмелге асырылмақта, мәмлекетлик қурылыста пайдалы нәтийжелерге ерисилип, халықтың абаданлығы күн сайын жоқарылап бармақта. Жаңа дәўирде ҳәр қандай ҳәр тәреплеме стратегиялық бирге ислесиўши сыпатында Қытай тәрепи буннан қуўанышлы.

Усы жылдың январь айында Пекинде ҳәм июль айында Астана қаласында Сиз бенен сөйлесиўлер өткердик, олар даўамында Қытай-Өзбекстан бирге ислесиўи бойынша көплеген әҳмийетли келисимлерге ерисилди ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўдың жаңа бағдарлары белгилеп алынды. Бирдей тәғдирге ийе Қытай – Өзбекстан жәмийетшилигин қурыўды және де тереңлестириў мақсетинде Сиз бенен тығыз байланысларды даўам еттириўге ҳәм стратегиялық байланысларды беккемлеўге таярман.

Өзбекстанға раўажланыў ҳәм күш-қүдирет, халқына болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,
Қытай Халық Республикасы Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Қурама Штатлары халқының атынан Сизге ҳәм Өзбекстан халқына мәмлекетиңиздиң Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримизди жолламақтаман.

1991-жылы мәмлекетиңиз ғәрезсизлиги жәрияланғанынан берли Өзбекстан экономикалық раўажланыў, социаллық раўажланыў ҳәм регионаллық турақлылық жолында салмақлы жетискенликлерге еристи. Бул ўақыялар мәмлекетлеримиз арасында күн сайын мазмунлы ҳәм жедел стратегиялық шерикликке алып келди. Шегара қәўипсизлигин беккемлеў, еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў ҳәм Өзбекстанның бай мәдений мийрасын қорғаў бойынша жумыс алып барыў сыяқлы улыўмалық мақсетлеримизге ерисиў жолында әмелге асырған жумысларымыздан мақтанаман.

Қурама Штатлар ҳәзирги байланыслардың беккемлениўи ҳәм бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашылыўын ынтықлық пенен күтип алады. Сизге мәмлекетиңиз ғәрезсизлигин шадлық ҳәм қуўаныш пенен өткериўиңизди тилеп қаламыз.

Ҳүрмет пенен,

Жозеф БАЙДЕН,

Америка Қурама Штатларының Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қәдирли туўысқаным!

Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан Республикасының пүткил халқын мәмлекетиңиз Ғәрезсизлиги күни менен шын кеўлимнен қутлықлайман!

Ғәрезсизлик жылларында туўысқан Өзбекстан өз мәмлекетшилигин беккемлеў, халықтың абаданлығын жоқарылатыў ҳәм халықаралық абырайын арттырыўда салмақлы жетискенликлерге еристи. Мәмлекетиңиздиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўы таңланған жолдың нәтийжели екенлигин анық тастыйықланыўы болып есапланады.

Түркменстан Өзбекстан Республикасы менен өз-ара умтылыс себепли жылдан-жылға жаңа мазмун менен байып баратырған қатнасықларды шын кеўилден қәдирлейди. Қарым-қатнасымызға тән болған қызғын ҳәм өз-ара исеним буннан былай да туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм раўажландырыўға хызмет ететуғынына беккем исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркмен халқының миллий жетекшиси,

Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қазақстан халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм пүткил туўысқан Өзбекстанды Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлайман.

Суверен раўажланыў жылларында Сизиң әжайып мәмлекетиңиз экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўда, халықаралық абырайды беккемлеўде ҳәм пуқаралардың абаданлығын арттырыўда ҳақыйқатында да үлкен жетискенликлерге еристи. Бул қутлы күн өзбек халқының миллий тилеклеслиги ҳәм аўызбиршилиги, жоқары дөретиўшилик руўхы ҳәм ўатансүйиўшиликтиң белгиси болып есапланады.

Сизлердиң кең көлемли сиясий реформаларды системалы әмелге асырыў, экономиканы модернизациялаў, халықтың турмыс дәрежесин жоқарылатыў ҳәм миллий мәплерин халықаралық майданда әмелге асырыў бағдарындағы тынымсыз ҳәрекетлериңиз жоқары ҳүрмет ҳәм иззетке еристи. Сизиң абырайлы ҳәм дана басшылығыңызда Өзбекстан турақлы өсиў ҳәм раўажланыў жолындағы исенимли ҳәрекетин даўам еттиретуғынына исенемен.

Биз көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў руўхындағы көп тәреплемели Қазақстан – Өзбекстан бирге ислесиўин және де тереңлестириўге айрықша әҳмийет қаратпақтамыз.

Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге исенимли умтылысымды тастыйықлап, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,
Қазақстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қырғызстан халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлайман.

Сизиң басшылығыңыз соңғы жыллары Өзбекстанның раўажланыўында, әсиресе, социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық дәрежесин беккемлеў тараўында сезилерли жетискенликлерге алып келди.

Сизиң ишки ҳәм сыртқы сиясаттағы кең көлемли реформаларыңыз табыслы әмелге асырылды, басқа мәмлекетлер менен шериклик беккемленбекте.

Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўге қосқан жеке үлесиңизди, сондай-ақ, халықларымыз ушын әҳмийетли болған ҳәр қыйлы тараўларда табыслы еки тәреплеме бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймен.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен Қырғызстан – Өзбекстан туўысқанлығы, мәңги дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары буннан былай да раўажланып, беккемленип баратуғынына исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық, узақ өмир, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,
Қырғыз Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Қәдирли  Шавкат Миромонович!

Тәжикстан халқы атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди, Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқын мәмлекетиңиз миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Сизиң тынымсыз ҳәрекетлериңиз  себепли соңғы жылларда Өзбекстанда ҳәр тәреплеме социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеў бағдарында әҳмийетли нәтийжелерге ерисилди. Биз жақын қоңсы сыпатында бул табыслардан шын жүректен қуўанышлымыз.

Өзбекстан менен дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиў қатнасықлары Тәжикстан сыртқы сиясатының әҳмийетли тийкарғы бағдары болып келген ҳәм усындай болып қалады ҳәм биз оларды бүгинги дәрежесине шекем қәдирлеймиз.

Тәжикстан – Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларынының пүткил комплекси избе-из раўажланып ҳәм кеңейип баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиў зәрүр. Биз усы өз-ара пайдалы процессти  және де алға қойыўдан мәпдармыз.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен буннан былай да халықларымыздың абаданлығы жолында еки мәмлекеттиң бирге ислесиўин беккемлеўге ҳәр тәреплеме үлес қосамыз, деп исенемен.

Сизге, қәдирли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан  Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли  Шавкат Миромонович!

Мәмлекетиңиз Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллайман.

Өзбекстан Ғәрезсизликке ерискенинен берли сиясий, экономикалық ҳәм социаллық  раўажланыўда үлкен табысларға еристи, халықаралық майданда  мүнәсип абырай-мәртебеге ийе болды, регионаллық ҳәм глобал күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди шешиўде конструктивлик роль атқармақта.

Биз Түркменстанда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў дәрежесин жоқары қәдирлеймиз ҳәм оны беккемлеў ҳәм және де кеңейтиўге үлкен әҳмийет беремиз. Өз гезегинде, мәмлекетлеримиздиң туўысқан халықларының абаданлығы  жолында Түркменстан – Өзбекстан стратегиялық қатнасықларын жаңа шеклерге қарай  жедел алға қойыў ушын Сиз бенен биргеликтеги ҳәрекетлерди буннан былай да даўам еттириўге  таяр екенлигимди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық , шаңарақлық бахыт, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы халқының абаданлығы жолындағы барлық баслама ҳәм умтылысларда жаңа табыслар тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли  Шавкат Миромонович!

Қәдирли туўысқаным!

Туўысқан Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапарым ўақтында маған, шаңарағыма ҳәм пүткил делегацияма көрсеткен жоқары итибар ҳәм миймандослығыңыз, шын дослық қатнасықлары ушын Сизге және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен. Соның менен бирге, зайыбым Меҳрибон ханым ҳәм қызым  Лайлаға көрсетилген қызғын итибар ҳәм ғамхорлық және оларды өзбек халқының бай тарийхы, мәденияты ҳәм дәстүрлери менен жақыннан таныстырғаны ушын Зироатхон Мирзиёева ханым ҳәм  қызыңыз Саида Мирзиёеваға миннетдаршылық билдиремен.

Ҳәр  сапар туўысқан мәмлекетиңизге барғанымда Сизиң басшылығыңызда әмелге асырылып атырған  кең көлемли дөретиўшилик жумыслар, мәмлекеттеги үлкен өзгерислер ҳәм раўажланыўды көриў маған үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлайды. Булардың барлығы Сизиң тынымсыз мийнетиңиз, ақылға уғрас басшылығыңыз, Ўатан ҳәм халыққа хызметиңиздиң нәтийжеси болып есапланады. Мәмлекетиңиздиң ҳәр бир жетискенлиги Әзербайжан ушын мақтаныш болып есапланады.

Гөззал мәмлекетиңизге сапарымның нәтийжелеринен оғада қанаатланаман. Қысқа ўақыт ишинде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз  бенен Әзербайжан – Өзбекстан қатнасықларының аўқамласлық дәрежесине көтерилгени ҳәм оның нәтийжесинде биз қол қойған аўқамласлық ҳаққындағы ҳүжжет  халқымыздың беккем күши ҳәм қатнасықларымызды және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириўге болған  исенимимиздиң жарқын үлгиси болып есапланады. Сиз бенен дослық, қызғын ҳәм өз-ара исеним руўхындағы ушырасыўларымызды, еки тәреплеме қатнасықларымыздың кең шеңберин ҳәм бирге ислесиўимизди және де раўажландырыў бағдарында өткерген нәтийжели пикир алысыўларымызды жоқары қәдирлеймен. Жоқары кеңестиң биринши мәжилиси нәтийжелери, ерисилген келисимлер, қол қойылған көплеген әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, өткерилген исбилерменлик форумы келешектеги жедел бирге ислесиўимизде айрықша әҳмийетке ийе екенлигине гүман жоқ. Сапар даўамында ислеп шығылған жойбарлар ҳәм өткерилген додалаўлар жақын жылларда экономика, саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы бирге ислесиўимизди және де раўажландырыўға хызмет етеди.

Әзербайжанның азат етилген жерлеринде Сизиң басламаңыз бенен әмелге  асырылып атырған тиклеў ҳәм реконструкция жумысларында мәмлекетиңиздиң тиккелей қатнасыў ҳәм қоллап-қуўатлаўы биз ушын оғада қәдирли болып есапланады.

Әзербайжан ҳәм Өзбекстан көркем өнер ийелериниң биргеликтеги гала-концертиндеги әжайып шығыўлары туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослықты тастыйықлайды, бирдей дәстүр ҳәм қәдириятлардың жарқын көриниси болды. Әйне, бирдей ағартыўшылық қәдириятлар, диний ҳәм мәдений тамырлар, халықларымыздың беккем дослығы ҳәм бир-бирине болған мийрим-шәпәәти Әзербайжан менен Өзбекстан арасындағы қатнасықларды белгилейтуғын тийкарғы фактори болып есапланады. Сиясий  сөйлесиўмиздиң жеделлиги, өз-ара сапарларымыз, ушырасыўларымыз,  тығыз бирге ислесиўимиз мәмлекетлераралық байланысларымызды тезлестириў ҳәм беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳүрметли Президент,

Мәмлекетлераралық  қатнасықларды раўажландырыўда жоқары дәрежедеги сапарлардың әҳмийетин есапқа алып, Сизди Әзербайжанға мәмлекетлик сапарды әмелге асырыўға мирәт етемен. Сизиң бул сапарыңыз Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы  ўақыт сынағынан өткен дослық ҳәм туўысқанлықты  беккемлеўге, аўқамымызды тереңлестириўге, мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил  регионымыздың турақлы  раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўына шексиз үлес қосытуғынлығына исенимим кәмил.

Сизди тез арада Бакуде көриўге үмит етемиз. Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, бахыт, жуўапкершиликли ҳәм уллы жумысыңызда жаңа табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳам АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

 Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли  Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Өзбекстан мәмлекетиниң суверен раўажланыў жыллары турақлы экономикалық өсиў, кең көлемли социаллық өзгерислер ҳәм мәмлекеттиң дүнья көлеминде мүнәсип тән алыныўын тәмийинлеген жарқын жеңислерге бай болды.

Бүгин Ташкент  конструктивлик басламалар  менен Орайлық Азияда глобал қәўипсизлик ҳәм турақлылықты сақлаў системасына салмақлы үлес қоспақта.

Халықларымыздың көп жыллық дослығына тийкарланған Беларусь – Өзбекстан қатнасықлары да еки тәреплеме форматта, ҳәм халықаралық шөлкемлер, ҳәм регионаллық бирлеспелер шеңберинде буннан былай да беккемленип баратуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт, барлық режелериңиз әмелге асыўын, Өзбекстан халқына болса бахыт ҳәм тынышлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен

Александр ЛУКАШЕНКО,

Беларусь Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Президент, қәдирли туўысқаным!

Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни менен Сиз Уллы Мәртебели Мырзаны  ҳәм туўысқан  өзбек халқын ең жақсы тилеклерим менен қутлықлайман.

Ғәрезсиз  болғанынан берли ҳәр күни барған сайын раўажланып атырған дос ҳәм туўысқан Өзбекстанда ақылға уғрас басшылығыңыз арқалы ерисилип атырған жетискенликлер ҳәм халықаралық майданда ийеленген  абырайлы орын Түркия ушын да мақтаныш дәреги болып есапланады.

Қатнасықларымыздың уқсас ҳәрекетлеримиз  бенен еки тәреплеме дәрежеде ҳәм көп тәреплеме платформаларда, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеминде тамыр жайып атырғанын көриў шексиз  қуўаныш бағышлайды.

2024-жыл 6-июнь күни Анкара қаласында өткерилген Түркия – Өзбекстан Жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилисинде келисип алынған мәселелер туўысқанлыққа сүйенетуғын тығыз байланысларымызды келешекте турақлы түрде беккемлейтуғынына исенимим кәмил.

Дос Өзбекстанды Ғәрезсизлик байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, пурсаттан пайдаланған ҳалда, шын жүрегимнен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық,  бахыт, туўысқан өзбек халқына аманлық, абаданлық тилеп қаламан.

Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Түркия Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли   Президент Мырза!

Мениң қәдирли достым!

Өзбекстан миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Сизге ҳәм өзбек халқына жеке өзимниң атымнан ҳәм Франция халқы атынан ең қызғын қутлықлаўларымды  және бахыт ҳәм абаданлық тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

2024-жыл жазғы Париж Олимпиадасы ҳәм Паралимпиада ойынлары өткерилип атырған дәўирде, өз белсендилиги, спорт шеберлиги ҳәм әжайып ойынлары менен ажыралып турған өзбекстанлы спортшылар ҳәм тамашагөйлерди үлкен қуўаныш пенен қабыл еткенимизден шексиз қуўанышлымыз.

Өткен жылдың ноябрь айында Самарқандта мени әжайып күтип алғаныңыз даўамы сыпатында усы жыл гүзде Сизиң Париж қаласына сапарыңызды ынтықлық пенен күтемен. Мен мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти орнатыўға үлкен әҳмийет беремен. Усы үлкен шек мәмлекетлеримиз арасында ири регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша тығыз бирге ислесиўди беккемлеў, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң режесин ҳүрмет етиў бойынша улыўма қатнасықларымызды беккемлеў, биз белгилеп алған ири еки тәреплеме жойбарларды алға қойыў және билимлендириў, мәденият, глобал машқалалар ҳәм қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўимизди тереңлестириў имканиятын береди.

Мәмлекетлеримизди бирлестирген қатнасықларды және де беккемлеў бағдарында турақлы екенлигине исениўиңизди сорайман.

Сизди Парижде күтип алыўдан қанаатланатуғынымды атап өтип, Сиз, Уллы Мәртебели Президентке, терең ҳүрметимди және бир мәрте жоллайман.

Дослық ҳүрмет пенен,

Эммануэль МАКРОН,

Франция Республикасы Президенти

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Президент Мырза!

Сизди ҳәм пүткил өзбек халқын Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен шын жүректен қызғын қутлықлайман.

Мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар үзликсиз қарым-қатнасықларға ийе ҳәм өз-ара бирге ислесиўге тийкарланады. Бул бәринен бурын, еки тәреплеме сапарлардың жеделлескенинен де көринбекте. Шама менен бир жыл алдын Германия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында орнатылған стратегиялық регионаллық шериклик байланыслары арқалы мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларымыз және де тереңлесип бармақта.

Ҳүкиметиңиздиң реформалар жолын даўам етиў тилегинен қанаатланаман ҳәм бул бағдарда Сизге үлкен табыслар тилеймен. Германия келешекте де Өзбекстанның алып барып атырған реформаларында исенимли бирге ислесиўшиси болып қалады. Турақлы, абадан ҳәм демократиялық Өзбекстан пүткил регион ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

Сизге ең жақсы тилеклеримди, өзбек халқына еркинлик, қәўипсизлик ҳәм абаданлықтағы тыныш келешек тилеймен.

Франк-Вальтер ШТАЙНМАЙЕР,

Германия Федеративлик Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Миллий байрамның 33 жыллығы Сизге, Мырза Президент, ҳәм дос өзбек халқына Италия Республикасы атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан ең жақсы қутлықлаўларымды жеткериў имканиятын бермекте.

Жақында Өзбекстанға сапарым даўамында халықларымызды бирлестирген қызғын дослық байланыслары беккемленип баратырғанына гүўа болғанман ҳәм маған көрсетилген миймандослықтың жарқын естеликлерин сақлап келмектемен.

Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы жедел бирге ислесиў региондағы перспективалы байланысларымызды да кеңейтиў ушын тийкар болды. Буны быйылғы жыл май айында Римде болып өткен «Италия – Орайлык Азия» форматындағы үшинши министрлер конференциясы тастыйықлады.

Қатаң келиспеўшиликлер ҳәм геосиясий қарама-қарсылықлар менен ажыралып туратуғын ҳәзирги шараятта мәмлекетлеримиз арасындағы унамлы бирге ислесиў тынышлық ҳәм турақлылық перспективаларын беккемлеўге хызмет етиўи мүмкин екенине исенемен.

Усы сезимлер менен мен Сизиң абаданлығыңыз ушын ең жыллы тилеклеримди билдирмекшимен ҳәм оларды Сизиң меҳрибан өмирлик жолдасыңыз ҳәм барлық ўатанласларыңызға жибериўден де қуўанышлыман.

Сержо МАТТАРЕЛЛА,

Италия Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллоҳи ва баракотуҳу,

Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаў ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға саламатлық ҳәм ығбал-бахыт, туўысқан Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў ҳәм адабанлық тилеймиз.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,

Еки Муқаддес мешит хызметкери,

Саудия Арабстаны Патшасы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллоҳи ва баракотуҳу,

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға Өзбекстан Республикасының миллий байрамы- Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қалыс тилек ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм үлкен жеңислер, дос Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,

Саудия Арабстаны Патшалығы мийрасхоры,

Министрлер Кеңеси баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға өзимниң қызғын қутлықлаўым ҳәм тилеклеримди жоллағаным мени шексиз қуўандырады.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, дос Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм халқына турақлы раўажланыў тилеп қаламан.

Ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклер менен,

Муҳаммад бин Зоид Ол НАҲАЯН,

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Мәмлекетиңиз Ғәрезсизлиги күни байрамы мүнәсибети менен Сиз ҳәм Өзбекстан халқына Қатар Мәмлекети халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан ең жақсы қутлықлаў ҳәм жақсы тилеклеримиди жоллаўдан қуўанышлыман.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға, беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал ҳәм Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў, сондай-ақ, келешекте мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлары және де беккемленип барыўын тилеп қаламан.

Жоқары ҳүрмет пенен,

Шайх Тамим бин Ҳамад Ол СОНИЙ,

Қатар Мәмлекети Әмири

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели Мырза!

Мәмлекетиңиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Ҳиндстан ҳүкимети, халқы ҳәм өзимниң атымнан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға¸Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқына қызғын қутлықлаўымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди жолайман.

Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы тарийхый, мәдений ҳәм руўхый жақынлық стратегиялық шериклигимиз ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте. Тарийхый байланысқа ийе болған еки әййемги цивилизация сыпатында биз тыныш, турақлы ҳәм абадан дүнья ҳаққында ортақ көзқарасқа ийемиз. Избе-из бирге ислесиўимиз улыўмалық машқалаларды шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Исенимим кәмил, бизиң бирге ислесиўимиз өсиўде ҳәм раўажланыўда даўам етеди ҳәм халықларымыз мәплерине хызмет етеди.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға, беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, Өзбекстан халқына тынышлық, раўажланыў ҳәм татыўлық тилеп қаламан.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Драупади МУРМУ,

Ҳиндстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза!

Әзиз достым!

Ҳиндстан халқы ҳәм ҳүкимети атынан Сизге ҳәм Өзбекстан халқына Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Усы қутлы әййямда халқларымыз арасындағы терең ҳәм жақын дослық қатнасықларын еске аламыз. Ҳиндстан ҳәм Өзбекстанның бай тарийхы ҳәм  рәңбәрең мәдениятқа ийе болған еки халық арасындағы дослық қатнасықларына тийкарланған беккем шериклик узақ жыллардан берли байланыстырып келмекте.

Кейинги жыллар бирге ислесиўимиз барлық тараўларда сезилерли дәрежеде кеңейди. Биз «Ҳиндстан – Орайлық Азия» саммити ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы көп тәреплеме платформалар шеңберинде тығыз бирге ислесип келмектемиз.

Биз еки тәреплеме шерикликти және де жоқары басқышқа көтериў ушын бирге ислесиўимизди даўам етиў ҳәм беккемлеўге қатаң қарар еттик.

Усы қутлы әйяямда Сизге беккем денсаўлық ҳәм адабанлық, дос Өзбекстан халқына болса буннан-да зыяда раўажланыў тилеймен.

Уллы мәртебели мырза, Сизге жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Нарендра МОДИ,

Ҳиндстан Республикасы Бас минитсри

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен Сиз Уллы мәртебели Мырзаға ҳәм дос өзбек халқына қызғын қутлықлаўларым, елиңизге болса және де раўажланыў ҳәм абаданлық тилеў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Египет ҳәм Өзбекстан жыллар даўамында раўажланып киятырған әжайып дослық ҳәм аўызбиршилик байланыслары менен ажыралып турады. Еки дос халықларымыз абаданлығы жолында бар имканиятлардан пайдаланыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўимизди даўам еттириўге үмит етемен.

Ең жоқары ҳүрмет-иззетти билдирген ҳалда, мырза Президент, мениң сәлемлеримди ҳәм дос Өзбектсан халқына қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Абдулфаттоҳ ас-СИСИ,

Египет Араб Республикасы Президенти

 

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбектсан Республикасының Ғәрезсизлик күни кирип келиўи мүнәсибети менен Сиз Уллы мәртебели Мырза ҳәм дос Өзбекстан халқын қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Еки мәмлекеттиң өз-ара ҳүрметке тийкарланған  қатнасықлары және де беккемленетуғынына исенемен. Қоңсы ҳәм регион мәмлекетлери, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў Иран Ислам Республикасы жаңа Ҳүкимети сыртқы сиясатының тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.

Алла тааладан Сиз Уллы мәртебели Мырзаға саламатлық ҳәм табыслар, Өзбекстан Республикасы халқына болса бахыт ҳәм абаданлық сорап қаламан.

Масъуд Пезешкиён,

Иран Ислам Республикасы Президенти,

 

***

        Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Сизге ҳәм Өзбекстан Республикасы халқына Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Июнь айында гоззал мәмлекетиңизге әмелге асырған мәмлекетлик сапарым мәмлекетлеримиз арасында өткен жыллар даўамында қурылған айрықша стратегиялық шерикликти және де раўажландырыўға, сондай-ақ, халықларымыз арасындағы алмасыў ҳәм дослықты беккемлеўге түртки беретуғынлығына үмит етемен.

Сизге шын қәлбимнен беккем денсаўлық ҳәм бахыт, Өзбекстан Республикасына болса үзликсиз гүллениў тилеймен.

 

Ҳүрмет пенен,

Юн Сок ЁЛЬ,

Кореа Республикасы Президени

 

                                                               ***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Өзбекстанның миллий байрамы – Ғəрезсизлик күни мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларымды билдириўге руқсат еткейсиз.

Венгрия ҳəм Өзбекстан арасындағы əзелий дослық соңғы жылларда ҳəр тəреплеме ҳəм табыслы стратегиялық шерикликке айланып атырғанынан қуўанышлыман. Биргеликтеги ҳəрекетлеримиз өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўге алып келетуғынына исенимим кәмил.

Сизди исендирип айтаман, мениң ҳүкиметим жоқары дəрежедеги стратегиялық қатнасықты даўам еттириў ҳəм  ҳүрмет ҳəм исенимге тийкарланған байланысларды жəне де раўажландырыўға садық болып табылады.

Жуўапкерли жумысыңызда табыслар ҳəм саў-саламатлық тилеймен!

Шын кеўлим менен,

Виктор ОРБАН,

Венгрия Бас министри

 

                                                ***

Төмендегилер де өз қутлықлаўларын жоллаған:

Япония Императоры Нарухито,

Уллы Бртиания ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы Патшасы Чарльз III,

Иордания Патшасы Абдулла II,

Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид,

Марокаш Патшасы Муҳаммад VI,

Бельгиялылар Патшасы Филипп,

Испания Патшасы Филипп VI,

Швеция Патшасы Карл XVI Густав,

Грузия Президенти Саломе Зурабишвили,

Болгария Республикасы Президенти Румен Радев,

Латвия Республикасы Президенти Эдгарс Ринкевичс,

Мальта Республикасы Президенти Мириам Спитери Дебоно,

Польша Республикасы Президенти Анжей Дуда,

Румыния Президенти Клаус Вернер Йоханнис,

Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич,

Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини,

Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб,

Чехия Республикасы Президенти Петр Павел,

Швейцария Конфедерациясы Президенти Виола Амхерд,

Эстония Республикасы Президенти Алар Карис,

Таиланд Патшасы Маха Вачиралонгкорн,

Вьетнам Социалистик Республикасы Президенти То Лам,

Индонезия Республикасы Президенти Жоко Видодо,

Непал Федеративлик Демократиялық Республикасы Президенти Рамчандра Паудел,

Сингапур Республикасы Президенти Тарман Шанмугаратнам;

Филиппин Республикасы Президенти Фердинанд Маркос,

Шри-Ланка Демократиялық Социалистлик Республикасы Президенти Ранил Викремесингхе,

Алжир Халық Демократиялық Республикасы Президенти Абдулмажид Теббун,

Сирия Араб Республикасы Президенти Башар ал-Асад,

Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министрдиң, орынбасары, Президент Аппараты баслығы Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаян,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министрдиң, орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян,

Қатар Мәмлекети  Әмири орынбасары Шайх Абдулла бин Ҳамад Ол Соний,

Канада Генерал-губернаторы Мэри Мэй Саймон,

Сан-Марино Республикасы Капитан-регентлери Алессандро Росси ҳәм Милена Гасперони,

Рим-католик ширкеўи баслығы Франциск,

Шанхай бирге ислесиў  шөлкеми бас хаткери Чжан Мин,

Туркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бас хаткери   Сергей Лебедев,

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусайн Иброхим Тоҳа,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми  бас хаткери Асад М. Хон,

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми бас директоры Цюй Дунъюй.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.