Париждеги Паралимпиада ойынларының гезектеги күнинде ўатанласымыз Бобур Омонов ядро ылақтырыў беллесиўлеринде алтын медальды қолға киргизди. Спортшы менен Президент Шавкат Мирзиёев телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Бобур Омоновты еки мәрте Паралимпиада чемпионы болыўдай мақтанышлы атқа миясар болғаны ҳәм 2021-жылы өзи орнатқан Паралимпиада рекордын жаңалағаны менен шын кеўилден қутлықлап, бул нәтийже Өзбекстан паралимпиада ҳәрекети тарийхында әҳмийетли ўақыя болғанын атап өтти. Бул ретки ойынларда да жоқары шеберлигин және бир мәрте тастыйықлаў жолында оған жәрдемши болған тренерлери ҳәм жақынларына рахмет айтты.
Чемпион халқымыз исенимин ақлағанынан қуўанышлы екенин билдирип, сайланды командамыздың, соның ишинде, өзиниң табыслы шығыўлары Өзбекстанда Президентимиз басшылығында спортқа қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм жаратылған шараятлар себепли екенин атап өтти.
Пурсаттан пайдаланып, Президент сыйлы орын ийелеген спортшыларымызды қутлықлап, ендиги беллесиўлерде қатнасатуғын ўатанласларымызға әўмет тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги