Хожели районында жаңа мәмлекетлик-жеке меншик  шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, Қарақалпақстанда 2017-жылда 317 балалар бақшасы жумыс алып барған болса, ҳүрметли Президентимиздиң тараўға қаратып атырған итибары нәтийжесинде бүгинги күнге келип олардың саны 6 есеге көбейип, 1840 қа жетти. Балаларды бақшаларға қамтып алыў 27,6 проценттен 80,5 процентке  өсти.

Усындай имканиятлар тийкарында Хожели районы аймағында бурын бос турған имаратта 3,5 млрд. сумлық қаржы есабынан қурылыс жумыслары алып барылып, 200 орынға мөлшерленген, барлық қолайлықларға ийе мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бой тикледи.

Жоқарғы Кеңес Баслығы балалар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысып, бақша тәрбияланыўшылары қатнасыўындағы байрам илажында қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги