Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан” бағында байрам салтанаты болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев халқымызды бул уллы әййям менен қутлықлап сөз сөйледи.
Мине, усы толқынландырыўшы минутларда ҳәммемиз миллий ғәрезсизлигимиз қаншелли бийбаҳа жемис екенин, оның тарийхый әҳмийетин және де терең сезинбектемиз. Әйне ғәрезсизлик себепли миллий мәмлекетшилигимиз қайта тикленди. Өзбекстан жаңа тарихый дәўирге қәдем қойды. Әйне ғәрезсизлик себепли Дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийеледик. Буның менен қанша мақтансақ арзыйды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәр бир ис, ҳәр бир табыста ғәрезсизликтиң уллы қүдирети айқын көринип атырғаны, Ўатанымыз дүньяға, дүнья болса елимизге кең ашылып атырғаны атап өтилди.
Халықаралық валюта қорының атап өткениндей, 2023-жылы жалпы ишки өнимимиз биринши мәрте 100 миллиард доллардан асты. Жәҳән банки быйыл мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң 5,3 процентке өсетуғынын прогноз етти.
Барлық реформаларымыздың руўхы ҳәм мазмунына “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!” деген жақсы идея терең кирип бармақта. Быйылғы жылдың сентябрь айынан пенсия ҳәм напақалар муғдары, октябрь айынан болса бюджет хызметкерлери, шыпакерлер ҳәм педагоглардың мийнет ҳақысы арттырылмақта.
Система ҳәм итибар барлық тараўларда өз нәтийжелерин бермекте. Жаслар мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Бул спортта да көринип, Парижде болып өткен XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында ўатанласларымыз үлкен жеңислерге еристи. Усы күнлерде Паралимпиада ойынларынан да избе-из қуўанышлы хабарлар келмекте.
Президентимиз спортшыларды және бир мәрте қутлықлап, және де жоқары шеклерди ийелеўине исеним билдирди.
Бүгинги қурамалы ҳәм қәўетерли дәўирде тынышлықтың әҳмийети уллы екенине айрықша дыққат қаратылды.
– Өмир қанша машақатлы болмасын, мәмлекетимизде демократиялық реформаларды избе-из даўам еттирип, халқымызды разы етиўге, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Лекин, тынышлықты сақлаў тек әскерлеримиздиң жумысы болып қалмаўы керек. Бул бәршемиздиң, ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының муқаддес миннети болыўы шәрт. Елдиӊ күши – бирликте, қәдири болса тынышлықта, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Социаллық тараўларды раўажландырыў, сапалы билимлендириў системасын жолға қойыў бағдарындағы жумыслар айтып өтилди. Мәмлекетимиз келешеги, барлық жақсы нийетлеримиздиң орынланыўы жаслардың билим ҳәм потенциалына байланыслы екени атап өтилди.
Экономикада бәршеге тең ҳуқықлар тәмийинленип, мәмлекетимиз халықаралық саўда мәканының ажыралмас бөлегине айландырылады. Халықты мүнәсип жумыс орынлары менен тәмийинлеўде исбилерменлерге сүйенеди.
Өзбекстан ҳәзирги күнде халықтың саны бойынша дүньядағы ең ири 40 мәмлекеттен бири есапланады. Бул санды реформалар, мийнет, билим ҳәм қәбилет пенен үлкен потенциалға айландырыў кереклиги атап өтилди.
Теңизге шығыў имканиятымыз шекленгенин инабатқа алып, итибарымызды креатив тараўларға қаратыўымыз, оларды жедел раўажландырыўымыз зәрүр. Дүньяда креатив санаат өнимлери экспортынан жылына миллиардлаған доллар дәрамат таўып атырған мәмлекетлер көп. Солай екен, усындай өним ислеп шығарыўға бел байлаған дөретиўши исбилерменлеримизди, әсиресе, жасларымызды ҳәр тәреплеме хошаметлеймиз, – деди Президент.
Раўажланыў өзинен-өзи болмайды, жанкүйерлик, белсендилик, бирлик пенен ерисиледи. Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында жәмийетимизди усыған руўхландырды.
– Бүгин епкинли турмыстың өзи бәршемизди және де үлкен шеклерге қарай басламақта. Өз күшимиз ҳәм потенциалымыз бенен қурған ғәрезсиз мәмлекет, еркин ҳәм азат жәмийетти және де күшли, және де гөззал ҳәм абат етиў баслы ўазыйпамызға айланбақта. Бул сондай жоқары шек, оған ерисиў ушын ҳәр қанша мийнет етсек арзыйды. Бул сондай уллы, даңқлы мақсет, оған пүткил барлығымызды бағышласақ арзыйды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан соң салтанатлы концерт бағдарламасы көрсетилди. Нама-қосықларда халқымыздың бай көркем өнери ҳәм қәдириятлары, фольклор жәмәәтлериниң шығыўларында миллетлер аралық татыўлық айқын көринди. Концерт телевидение ҳәм интернет арқалы тиккелей көрсетилип, ўатанласларымызға байрам кейпиятын бағышлады.
ӨзА