«Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-132-санлы, 30.08.2024 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2024-жылдағы ашық сөйлесиўинде белгиленген 5 бағдардан ибарат ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарламасы шеңберинде төмендегилер тастыйықланды:

  • Ислеп шығылатуғын нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының дизими;
  • әмелий илажлар режеси.

2024-жыл 1-ноябрьден:

  • мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға барлық коммерциялық банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тартылады;
  • Президент қарарына тийкарланып әмелге асырылып атырған «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплексли бағдарламасы шеңберинде киши исбилерменлик субъектлерине ажыратылған 100 миллион сумға шекем гиреўсиз микрокредитлерди қайта қаржыландырыў яки олар бойынша кепилликлер бериў тәртибин сақлап қалған ҳалда коммерциялық банклерге ҳәм микроқаржы шөлкемлерине өз ресурслары есабынан усы микрокредит муғдарын 300 миллион сумға шекем арттырыўға рухсат бериледи.

2024-жыл 1-ноябрьге шекем исбилерменлерге электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемди алдыннан әмелге асырыўда қолайлық жаратыў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыўы муғдарларына шәртнамалық лимитлерди арттырыў ҳәм оннан артыўына жол қойылған жағдайда артық пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын қосымша төлемди кеминде 10 сесине азайтыў илажлары көриледи, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги