Усы жылдың 4-сентябрь күни республикамыздың барлық мектеплеринде «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек –Ўатанбыз!» сүрени астында «Биринши қоңыраў» жаңлады.

Пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өткерилген салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Өтемуратов қатнасты ҳәм жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы,  сондай-ақ, бүгинги умытылмас күн – жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Буннан кейин жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги