Ш.Нориеваға «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәрекетин жаңа басқышқа көтериўде өзиниң ўатансүйиўшилик, исбилерменлик ҳәм интакерлик пазыйлетлерин анық көрсетип, көплеген перспективалы жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғаны, атап айтқанда, бағманлық, нәлшилик ҳәм гүлшилик тармақларын алдыңғы тәжирийбе ҳәм инновациялық усыллар тийкарында раўажландырыў, аймақта қыйтақ жер менен шуғылланыўды кеңнен ен жайдырыў, жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм абаданлығын жоқарылатыў, социаллық мәселелерди шешиўде айрықша белсендилик көрсетип атырғаны, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында, мийнет сүйиўши ҳәм жигерли инсанлар етип тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары ушын Жиззақ ўәлаяты Шарап Рашидов районындағы «Гүлши апа қыйтақ жер хызмети» кластериниң басшысы Нориева Шарофат Эргашевнаға «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ