Ғәрезсизлик монументи мәмлекетимиздиң азатлығы ҳәм турақлылығының символы есапланады. Онда халқымыздың көп әсирлик мәмлекетшилик тарийхы, уллы илимпаз ҳәм каҳарман ата-бабаларымыздың тулғалары сәўлеленген. Монументтиң  ең жоқары бөлиминде Ҳумо қусы сүўретленген.

Президент Шавкат Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан» бағына барып, усы комплекске гүллер қойды.

Мәресимде Олий Мажлис Нызамышылық палатасы ҳәм Сенаты, Президент Администрациясы, министрлик ҳәм уйымлар, Ташкент қаласы жәмийетшилиги ўәкиллери де қатнасып, монументке гүллер қойды.

Бул мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған байрам илажларынан бири болып есапланады.

ӨзА