Хожели районы “Жаңа жап” мәҳәллесинде жайласқан “Маден ой” фермер хожалығында 2025-жылдың зүрәәти ушын ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.
Оған, Қарақалпақстан Республикасы Агроинспекция басқармасы баслығы А.Юсупов, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, район белсендилери ҳәм фермер хожалығы баслықлары қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар ғәллени сапалы ҳәм өз ўақтында егиў, зәрүр болған агротехникалық илажларды әмелге асырыў, суў жетиспеўшилиги дәўиринде суўдан нәтийжели пайдаланыў, ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў бойынша сөз етилип, бул жумысларды орынлаўда ҳәр бир фермер ҳәм тараў ўәкиллери айрықша жуўапкершилик пенен қараў кереклигин атап өтти. Буннан соң, нураний дийқанларымыздың ақ пәтиялары менен дәслепки бийдай туқымы жақсы нийетлер менен атызларға себилди.
Мағлыўмат орнында, 2025-жылдың зүрәәти ушын Хожели районының ғәллекешлери өзлериниң салмақлы үлесин қосыўды нийет еткен болып, 156 фермер хожалықларының 3940 гектар егислик майданларына бийдай егиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агенилиги