Елимизде инсан ҳуқықларын қорғаў системасын «Инсан қəдири ушын» принципи тийкарында жаңа басқышқа кɵтериў, суд ҳəм ҳуқықты қорғаў уйымларының жумысында шахстың ҳуқық ҳəм еркинликлериниң қорғалыўын күшейтиў, сондай ақ, халықтың ҳуқықты қорғаў уйымларына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең кɵлемли ислер əмелге асырылмақта.

Ɵзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен 2024-жыл
10-июнь күни «Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-89-санлы пәрманы қабыл етилди.

Усы Пəрманға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымы киргизиледи, жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылыў тәртиби енгизиледи.

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуаллық қарарларға берилген санкциялар тек ғана аппеляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте қайта көрип шығылыў тәртиби белгиленди.

Тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги бериледи.

Тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди жоқары инстанцияларда қайта көрип шығыўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынады.

К.Кыпшакбаев

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис

 районлар аралық ҳəкимшилик суды судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги