Мәплер соқлығысыўы ҳаққында хабар бермегенлиги ушын – БЕМниң 3 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленди.
Оған бола, егер де бул ис-ҳәрекетлер бир жыл даўамында қайтадан әмелге асырылған болса, 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланалыўына себеп болады.
Сондай-ақ, лаўазымлы шахслар тәрепинен бар яки итималлы мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша илажлар көрилмегенлиги ушын БЕМниң 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленди.
Егер де бул ис-ҳәрекетлер бир жыл даўамында қайтадан әмелге асырылған болса, 10 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланылыўына себеп болады.
Онда ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириўге байланыслы ўазыйпалар Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.