Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен ҳәр қыйлы тараўлар ўәкиллери ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
30-август күни Көксарайда усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Шавкат Мирзиёев ҳәммени дәслеп Ғәрезсизлик байрамы менен, жыйналғанларды мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен қутлықлады. Мәмлекетимизде ерисилип атырған нәтийжелердиң тийкары, ҳәрекетлердиң мәниси ҳаққында шын жүректен сөйледи.
– Биз не ушын мийнет етип атырмыз? Халқымыз тыныш ҳәм абадан жасаўы ушын, перзентлеримиздиң бахыт-ығбалы ушын. Инсан қәдири деген ҳәрекетти баслағанбыз. Бул ҳәрекетти, үлкен-үлкен мақсетлеримизди орынларда ким әмелге асырады? Сизлерге уқсаған пидайы, ўатанын сүйиўши, күшли инсанлар! Сизлер – қаҳарманларсыз, жасларымызға үлгисизлер. Мен сизлер менен мақтанаман ҳәм халқымыздың атынан рахмет айтаман,-деди Президент.
Бул ҳәрекетлер өз нәтийжесин бермекте. Қала менен аўыллардың көриниси, барлық тараў ҳәм тармақлар түпкиликли өзгермекте. Экономика, қурылыс, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў тараўларында кең көлемли жумыслар исленбекте. Булардың нәтийжесин адамлар өз турмысында көрмекте.
Мәмлекетимиз үлкен раўажланыў жолына шығып алғанын дүнья да тән алмақта. Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бир неше резолюциялары қабыл етилди. Ири сиясий экономикалық форумларда алға қойылған көплеген басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен үлкен итибар менен қабыл етилди ҳәм қоллап-қуўатланды.
Узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен саўда-экономикалық, туризм ҳәм инвестиция, мәдений-гуманитарлық тараўларда пайдалы келисимлерге қол қойылды. Елимизде халықаралық дәрежедеги абырайлы әнжуманлар болып өтти. Көркем өнер ҳәм мәденият фестивальлары, Олимпиада ойынларындағы тарийхый жеңис те үлкен тән алыўларға еристи.
Бир сөз бенен айтқанда, дөретиўши халық, кеңпейил миллет сыпатында дүнья майданына шықтық.
Мәмлекетимиз басшысы булардың барлығы халқымыздың жетискенлиги екенин атап өтти.
– Мийнеткеш, пидайы ўатанласларымызды мен өзимниң ең жақын қәдирданларым, садық заманласларым деп билемен,-деди Шавкат Мирзиёев. – Бүгин Ўатанымызға жанкүйер, өзин ел-халық тәғдирине жуўапкер деп билетуғын инсанлар және де көбирек керек. Басқаларды, әсиресе, жасларымызды артынан ерте алатуғын, ертеңги күнге исендиретуғын, жәмийетти бирлестиретуғын адамлар керек. Себеби ел исеними, халық бирлиги ҳәм татыўлығы гөзлеген шеклеримизге ерисиўде шешиўши әҳмийетке ийе.
Ушырасыўда бүгин дүньядағы жағдай, онда ақылға уғрас жол табыў машақаты ҳаққында да сөз болды. Жеделлик пенен өзгерип атырған дәўир мәмлекетлер, халықлар, инсанлар алдына жаңадан-жаңа мәселелерди қоймақта. Пүткил дүньяда бәсеки, ертеңги күн ушын гүрес кетпекте. Соған таяр миллет, соған таяр халық ғана Ўатаны ҳәм мәмлекетин мүнәсип орынға көтере алады.
Келешекте глобал дүньяда Өзбекстанның орны қандай болады? Биз өз мийнетимиз, билимимиз, дүньяға көзқарасымыз бенен ел-халыққа қаншелли пайда берип атырмыз! Бул сораўлар ҳәммемизди ойландырыўы керек.
Ғәрезсизлик бизге ҳақыйқый қәдир, инсаный мақтаныш туйғысын берди. Соның менен бирге, ғәрезсизлик – бул, бәринен бурын жуўапкершилик дегени. Өз тәғдири, өз келешегин өзи белгилеў, абат ҳәм азат Ўатан қурыў жуўапкершилиги.
Бүгинги жетискенликлер биз ушын шегара емес. Халқымыз буннан да жақсы жасаўға мүнәсип, үлкен жумыслар ислей алады. Егер ҳәммемиз «бир муш» болып, өз ўазыйпамызды ҳүжданлы түрде орынласақ, реформаларда тамашагөй емес, белсенди қатнасыўшы болсақ, гөзленген мақсетлерге әлбетте жетемиз. Оның ушын бизде шараят, имканият, күш-қүдирет, потенциал жетерли екени атап өтилди.
Президент орынларда мәмлекетлик сыйлықларды қабыллап алып атырған ўатанласларымызды да қутлықлады.
– Сыйлық негизинде не? Сыйлық – бул бәринен бурын инсан қәдирин улығлаў дегени. Адамның мийнети қәдирленсе, мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен тән алынса, буннан оның өзи, шаңарағы, дослары, мәҳәлле қалаберди, ел-халық та қуўанышлы болады. Бизиң мақсетимиз де сол: ҳадал ҳәм нәтийжели ислеп атырған адамларды қәдирлеў, иззет көрсетиў,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан соң, сыйлықланларға ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар салтанатлы түрде тапсырылды.
– Жақсы ислеген адам қәдирленеди. Бүгин ҳадал мийнет, пидайылық ҳәм ўатан сүйиўшилик және бир мәрте қәдирленип атырған күн. Бүгинги жоқары атақлар, орден ҳәм медальлар сизлерди жаңа табысларға шақырсын. Елимизде бундай инсанлар қанша көп болса, мен де сыйлықлаўдан шаршамайман,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сыйлықланғанлар жоқары итибар ушын миннетдаршылық билдирип, халқымызға жақсы тилеклер билдирди.
ӨзА