Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Майыплықты белгилеў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы Қарарына муўапық быйылғы жылдың 1-сентябринен майыплықты белгилеў әпиўайыластырылады. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы мәлим етти.

Нызамшылыққа бола, Ташкент қаласы ҳәм Наўайы ўәлаятында басқышпа-басқыш эксперимент ретинде, майыплықты белгилеўдиң жаңа тәртиби енгизиледи. Усы тәртип арқалы бир қатар қолайлықлар бериледи:

Бириншиден, пуқараларға майыплықты белгилеў бойынша БИМХП (my.gov.uz), «Инсан» социаллық хызметлер орайлары яки социаллық хызметкерлер арқалы шаңарақлық шыпакерлерге мүрәжат етиў имканияты жаратылады.

Екиншиден, медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы (МСЭК) тексериўи ушын пуқаралардың медициналық ҳүжжетлерди жолаўы шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен электрон тәризде әмелге асырылады.

Үшиншиден, «Инсан» орайлары хызметкерлери тәрепинен 18 жас ҳәм оннан үлкен жастағы шахслардың функционаллығын баҳалаў тәртиби енгизиледи. Онда баҳалаў нәтийжелери 2025-жыл 1-сентябрьге шекем майыплықты белгилеў ушын тийкар есапланбайды.

Төртиншиден, шахс саламатлығының жағдайына бола «Инсан» орайларына барыў имканиятына ийе болмағанда саламатлығының жағдайы ҳәм функционаллықты баҳалаў шахстың үйинде яки емлениўде болған стационарда өткериледи.

Буннан тысқары, 2024-жыл 1-октябрьден қәнигелестирилген (психиатрия, фтизиатрия ҳәм пульмонология, педиатрия) МСЭКлер тәрепинен майплықты белгилеў тәртиби бийкар етилип, майыплық районлараралық ҳәм районлық (қалалық) МСЭКлер тәрепинен белгиленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги