Усы жыл 29-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ғәрезсизлигимиздиң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, турмысқа енгизилип атырған реформаларды кең түрде атап өтти.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен сыйлықланған Ўатанласларымызға орден, медаль ҳәм ҳүрметли атақлар тапсырылды. Байрам алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерлик мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, Жоқарғы Кеңестиң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған еди.

Илажда усы атақ, көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлықлары өз ийелерине тапсырылды.

Сыйлықланғанлардың атынан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, “Меҳнат шуҳрати” ордениниң ийеси Р.Сапарова, “Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының бас директоры, “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери” Ж.Мустафаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетлерин мүнәсип баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

– Президентимиздиң басшылығында соңғы жыллары мәҳәлле институтларының жумысларын жетилистириўге айрықша әҳмийет берилмекте, – дейди Нөкис қаласындағы “Алтын жағыс” мәкан пуқаралар жыйынының баслығы, “Дўстлик” ордениниң ийеси Нигаргүл Гобенова.  –Өткен жылы мәмлекетимиз басшысы республикамызға сапары даўамында пуқаралар жыйынымызда болып, жумыслар менен жақыннан танысты ҳәм келешекте исленетуғын ислерди белгилеп берди. Усыннан келип шыққан ҳалда аймағымызды және де абат етип,  халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолында ислеген азғана мийнетимизди жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги