Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамына бағышланып «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Оған райондағы сектор басшылары, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәммени байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары пүткил елимизде болғаны сыяқлы Қараөзек районында да Президентимиз тәрепинен халықтың разылығы ушын кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын жоқары баҳалап, аталарша ғамқорлығы ушын Журтбасшымызға өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Буннан соң республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң туўылған жер, ана- Ўатанды жырлаўшы саз-сәўбетли концерт бағдарламалары қойып берилди.

Байрамда атқарылған қосықлар аймақ халқының кеўиллерин көтерип, оларға өзгеше заўық бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги