Усы жылдың 29-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының еки мың орынлық жаңа оқыў имаратының салтанатлы ашылыўына арналған “Сен теберик дәргайысаң билимниң!” атамасындағы илаж болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, республикамыздағы жоқары оқыў орынлары, мәкеме-шөлкемлердиң жуўапкерлери, елимиздиң белгили ағартыўшы зиялылары, институттың профессор-оқытыўшылары, мийнет жәмәәти, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды елимиз бойлап кең түрде белгиленип атырған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлады.
“Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” сүрени тийкарында көтериңки руўхта белгиленип атырған ең уллы, ең әзиз байрам қарсаңында елимиздеги туңғыш билим дәргайы – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы байрамға мүнәсип саўға болғанлығын атап өтти.
Бул оқыў орны тек ғана республикамызда емес, соның менен бирге, пүткил Орайлық Азия регионында өз орнына, билимлендириў тараўында өз қәдириятларына ийе болған дәргайлардың бири болып табылады. Бүгинги күнге шекем институт питкериўшилери арасынан 5 Өзбекстан Қаҳарманы, 6 академик, көплеген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, билимлендириў ҳәм халық хожалығының түрли тараўларының пидайылары жетилисип шыққанлығы пикиримиздиң айқын дәлили есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының тиккелей итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде мәмлекетлик бюджет есабынан 76 миллиард сум қаржы ажыратылып, институт ушын 2 мың орынлық жаңа оқыў имаратының қурып питкерилиўи ҳәм пайдаланыўға тапсырылыўы, соның менен бирге, материаллық-техникалық базаны жетилистириў мақсетинде оқыў имаратлары реконструкцияланып, жаңадан лабораториялар, спорт комплекслери ҳәм студентлер турақ жайларының қурылып атырғаны республикамыздағы туңғыш билим дәргайының 90 жыллық торқалы тойына, соның менен бирге, усы оқыў орнына аты берилген уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына мүнәсип саўға болды.
Еки мың орынға мөлшерленген жаңа оқыў имаратында заманагөй оқыў ҳәм лекция аудиториялары, ең соңғы техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген лабораториялар, IT-инкубация, мәлимлеме-ресурс орайлары, быйылғы оқыў жылынан баслап барлық жоқары оқыў орынларында енгизилип атырған регистратор офиси ҳәм басқа да көплеген имканиятлар жаратылған.
– Бүгинги күнде институтымызда 17 мыңға шамалас студентлер билим алып атырған болып, олардың мәмлекетимиздиң айдын келешеги ушын хызмет ететуғын, Үшинши Ренессанстың тийкарын жарататуғын жетик кадрлар болып жетисиўи ушын усындай заманагөй типте қурып питкерилген окыў имаратларының, буның ишинде жаратылған шараятлардың әҳмийети үлкен. Соңғы жылларда мәмлекетимизде Президентимиздиң жоқары билимлендириўге қаратып атырған итибары нәтийжесинде институтымыздың материаллық-техникалық базасы жылдан-жылға жетилисип бармақта. Буның ушын мәмлекетимиз басшысына алғысымыз шексиз. Биз, әлбетте, бундай итибар ҳәм ғамқорлықлардан еле де күш-жигер алып, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болған қәнигелерди жетилистирип шығарыўға бар имканиятымызды жумсаймыз, – дейди институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров.
Илаж қатнасыўшылары жаңа оқыў имаратында студентлердиң билим алыўы, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўы, көнликпелерин беккемлеўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги