Өзбекстанда пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы ушын жуўапкершилик күшейтилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы мәлим етти.
Мәлим болыўынша, Президентимиз тәрепинен қол қойылған Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизилген.
Оған бола, пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде ислеп шығарғанлығы, таярлағанлығы, сақлағанлығы, тасығанлығы, жибергенлик ҳәм Өзбекстаннан алып шыққанлығы, сондай-ақ, пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде өткергенлиги ушын жазалар күшейтиледи.
Буннан тысқары, пиротехника буйымларын Өзбекстанға алып киргенлиги ушын бул ҳуқықбузарлықтың социаллық қәўиплилик өгешелиги ҳәм дәрежесинен келип шыққан ҳалда жуўапкершилик илажлары күшейтилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги