Елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы қарсаңында Нөкис қаласында “Өзбекстан миллий метрология институты”ның Қарақалпақстан филиалы тәрепинен “Сынаў лабораторияларын шөлкемлестириў” жойбарының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.
Бүгинги күнде исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң ишки ҳәм сыртқы базар талапларына жуўап бериўин тәмийинлеў, улыўма өндирис ҳәм хызметлер көрсетиўди сапа жағынан жоқарылатыў метрология, стандартластырыў системасына жуўапкерли ўазыйпалар жүклемекте.
Сол себепли, “Ɵзбекстан миллий метрология институты”ның Қарақалпақстан Республикасы филиалы негизинде жоқары анықлықтағы заманагөй өлшеў әсбаплары менен үскенеленген өлшеўлердиң бирден-бир бирликте болыўын тәмийинлеў, яғный масса, басым, температура, электр, физикалық-химия ҳәм геометрия бағдарларында 6 жойбарды өз ишине алған лабораториялар комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде комлпекс қуўатлылығы жылына 35-40 мың дана өлшеў әсбапларын исенимнен өткериў, метрологиялық аттестатлаў ҳәм калибрлеўден ибарат метрологиялық тексериўден өткериў имканиятына ийе болды. Ҳәзирги ўақытта бул лабораторияда 100 ден артық метрологиялық өлшеў әсбап-үскенениң хызмети жолға қойылған.
Әлбетте, бул жумыслар барысында республикамыздағы экспортёр кәрханалар ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын метрологиялық хызметлер көлеми кеңейип, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы жақсыланыўы тәмийинленеди. Сондай-ақ, нефть-газ, металлургия, химия, азық-аўқат санааты ҳәм медицинада қолланылатуғын өлшеў әсбапларына метрологиялық хызметлер аймақтың өзинде көрсетилиўине ерисиледи.
Ең баслысы, алдын Ташкент қаласына алып барып тексериўден өткерилип келинген өлшеў әсбап-үскенелери ушын жумсалатуғын қәрежетлер бир неше есеге қысқарып, қысқа ўақыт ишинде метрологиялық тексериўден өткериледи. Лаборатория узақ жыллар даўамында исбилерменлеримиздиң, халық хожалығының барлық тараўларының ийгилиги ушын хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги