Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни Түркия Республикасы мәденият ҳәм туризм министри Меҳмет Нури Эрсой басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыў даўамында жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық ҳәм саяхатшылық тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежеси айрықша миннетдаршылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар, жүк тасыў көлеми, исбилерменлик ҳәм  саяхатшылардың сапарлары саны артпақта. Ҳәр ҳәптеде 90 нан аслам авиақатнаў әмелге асырылмақта.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Тийисли «жол картасы»н тез арада қабыллаў, әмелий бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлерин иске түсириў, миллий мәденият ҳәм кино күнлерин өткериў, көркем өнер, мәдений мийрасты қорғаў, туризм потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА