Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы миллий инвестиция қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қордың тийкарғы ўазыйпалары сыпатында таза активлериниң базар баҳасын арттырыў, Қор акцияларын жетекши сырт ел фонд биржасында жайластырыў, бул фондтың активлерине инвестицияларды тартыў ҳәм оларды меншиклестириў процесслеринде қатнасыў ушын жетекши халықаралық институционаллық инвесторларды тартыў киреди.

Буннан тысқары, Қор инвестиция активлеринде Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми корпоратив басқарыў стандартларын енгизиў, халықаралық қаржылық есабат стандартларына өтиў, экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыў (ЭСГ) стандартларын енгизиўде қатнасыўды мойнына алады.

Сондай-ақ, қордың устав капиталын қәлиплестириў ушын мәмлекетлик үлеси өткерилетуғын кәрхана ҳәм коммерциялық банклердиң дизими тастыйықланған.

Бул Қор акционерлик жәмийети түринде шөлкемлестириледи ҳәм акциялары ғалаба жайластырылғанға шекем оның бирден-бир акционери Экономика ҳәм қаржы министрлиги болып есапланады. «Қордың 2030-жылға шекемги инвестиция активлери таза пайдасының кеминде 50 проценти тийисли жыл жуўмақларына бола дивидентлер төлеўге бағдарланады», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги