Президент Шавкат Мирзиёевтиң Пәриж олимпиадасында қатнасқан спортшылар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы Олимпиада ойынларында Өзбекстан абырайын астойдил қорғаған, бирақ азғана әўмети келмеген сортшыларымызды да қызғын қуўлықлады.
Атап айтқанда, көркем гимнастика бойынша спортшы-қызларымыз Олимпиада ойынлары тарийхында биринши мәрте топар беллесиўлериниң финал басқышына жетип барды.
Олар дүньяның ең күшли 8 командасының арасынан орын ийлегени де өзине тән әҳмийетли нәтийже болғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Олимпиада майданларында топ ойнаған наўқыран футболшыларымыз дүньядағы ең күшли командаларға қарсы мүнәсип гүрес алып барғаны атап өтилди.
-Олимпиада ойынлары көплеген спортшыларымыз ушын, егер олар сыйлы орынларға ериспеген болса да, өзине тән үлкен тәжирийбе мектеби болды. Барлығымыз келешекте олардан жоқары нәтийжелер күтиўге хақылымыз,-деди Президент.
ӨзА