Президент Шавкат Мирзиёевтиң Париж Олимпиадасында қатнасқан спортшылар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.
– Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан – Олимпиада ойынларында тек ғана гүресши-палўанлар ели, ал шабандоз ҳәм жуўырыўшылар, мерген ҳәм қылышпазлар, гимнаст ҳәм жүзиўшилер, футболшы ҳәм теннисшилер, марафоншы ҳәм велоспортшылар мәмлекети сыпатында да мүнәсип қатнасыўы керек, – деди Президент.
Буның ушын мәмлекетимиздеги зәрүр спорт инфраструктурасына ийе болған 15 Олимпиада ҳәм паралимпиадаға таярлаў орайы, 6 Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби, 56 қәнигелестирилген спорт мектебине усы бағдарларда жоқары қәбилетли спортшыларды тәрбиялаған жергиликли ҳәм сырт ел тренерлерин бириктириў керек екени атап өтилди.
Ҳүкиметке спорт федерациялары басшылары менен биргеликте ҳәр тәреплеме тийкарланған усынысларды киргизиў тапсырылды.
Ғалаба спортты раўажландырыў миллий олимпиада ҳәрекетиниң ажыралмас бир бөлеги болыўы керек екени атап өтилди.
Соның ушын мәмлекетимизде ғалаба спортты және де раўажландырыў ҳаққында усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА