Президент Шавкат Мирзиёевтиң Париж Олимпиадасында қатнасқан спортшылар, олардың атааналары ҳәм тренерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

– Алдымызда төрт жыл ўақыт бар. Спорт федерацияларының басшылары өзлерине жуўмақ шығарып, Лос-Анжелесте болып өтетуғын олимпиадаға мүнәсип таярлық көреди деп ойлайман, – деди Президент.

Буған ерисиў ушын ҳәр бир олимпиада спорт түрин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Усы мақсетте келеси төрт жылда спортшыларды таярлаў бойынша үлкен бағдарламалар қабыл етиледи.

Ҳәр бир бағдарда спорт медицинасы, фармокологиясы, диетологиясы, психологиясы ҳәм инженерлиги бойынша сырт елден маман қәнигелер тартылады.

Бул бағдарда «Олимпиада қалашасы»нда беллесиўлер ҳәм оқыў-шынығыўларды алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында өткериў бойынша айрықша система жаратылады.

Баҳодир Жалолов, Оксана Чусовитина мектеплери сыяқлы қәнигелескен спорт мәкемелери ҳәр бир аймақта, ҳәр бир спорт бағдары бойынша шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, орынларда, әсиресе, мәҳәллелерде жаңа талантларды пайда етиў, оларды мәнзилли селекция тийкарында халықаралық беллесиўлерге таярлаў бойынша да айрықша бағдарлама енгизиледи.

ӨзА