Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди миймандос Өзбекстан жеринде Көп өлшемли кәмбағаллық бойынша жоқары дәрежедеги конференцияның ашылыўы менен қызғын қутлықлайман. Әнжуманға бул тараўдың белгили экспертлери қатнаспақта.

Ҳәзирги күнде дүньяда даўам етип атырған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер, гуманитарлық, эпидемиологиялық ҳәм климат кризислери Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм кәмбағаллықтың барлық көринислерин қысқартыў бағдарындағы ҳәрекетлерге үлкен қәўип салмақта.

Мине, усындай шараятта дүньяның көплеген мәмлекетлери абырайлы экспертлердиң сөйлесиўине үлкен қызығыўшылық билдирип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ең әҳмийетли машқалаларға нәтийжели шешим табыўға үмит етпекте.

Қәдирли дослар!

Усы жылы бул абырайлы илажды өткериўге Өзбекстанның таңлап алынғаны мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың халықаралық тән алыўы болды, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Соңғы бес жылда алдыңғы сырт еллердиң көзқараслары ҳәм мәмлекетимиздиң өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, ең төменги буўын – мәҳәлле дәрежесине түскен ҳалда кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарында табыслы тәжирийбе жаратылды.

Бәринен бурын, халықтың дәраматларын арттырыўда пуқаралардың кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз бизнесин баслаўына жәрдемлесиўди тийкарғы ўазыйпа етип белгиледик.

Ҳәкимниң мәҳәлледеги жәрдемшилери институты бул бойынша халыққа ҳәр тәреплеме жәрдем бермекте. Усы жылдың өзинде 250 мың жумыссыз пуқараларды кәсиплерге оқытыў, 2 миллион халықты исбилерменликке тартыў бойынша үлкен көлемдеги жумыслар алып барылмақта.

Екиншиден, Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир пуқараның жасаў шараятын жақсылаў, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер көлемин ҳәм сапасын арттырыў инсан қәдирин улығлаўға қаратылған реформаларымыздың тийкарғы бағдары болып келмекте.

2024-жылдың өзинде бақша ҳәм мектеплер қурыў, медициналық хызметти кеңейтиў, мәҳәллелерде ишимлик суўы, электр энергиясы, жол инфраструктурасын жақсылаў ушын бюджеттен 31,5 триллион сум ажыратылды. Ең әҳмийетлиси, бул жойбарларды әмелге асырыўда «Басламалы бюджет» системасы арқалы мәҳәллелердиң қатнасыўы кеңейип бармақта.

Үшиншиден, социаллық қорғаў системасын күшейтип, мәмлекет жәрдемине мүтәж шаңарақларға сапалы хызметлер көрсетиў көлемин кескин арттырдық. Усы мақсетте Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди, районларда «Инсан» социаллық хызметлер орайларының жумысы жолға қойылды.

Нәтийжеде 2 миллион 300 мыңнан аслам мүтәж шаңарақлар, ҳаял-қызлар, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар кепилленген социаллық қорғаў менен қамтып алынды. Бул – 2017-жылға қарағанда 4 есеге көп, дегени.

Усы жерде бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман: мүтәж шаңарақларда туўылған балалардың потенциалын толық жүзеге шығарыў бойынша барлық имканиятларды жаратып бериў мәмлекетимиз сиясатында әҳмийетли орын ийелеген.

Социаллық келип шығыўына қарамастан, елимиздеги барлық балалардың ҳәр тәреплеме жетик инсан болып камалға келиўине тийкарғы әҳмийет қаратпақтамыз. Атап айтқанда, кейинги жыллары балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен қамтылыў дәрежеси 27 проценттен 74 процентке арттырылды. Балалар арасындағы кәмбағаллық дәрежеси соңғы үш жылда 22 проценттен 14 процентке төменледи.

Буннан тысқары, жасларды жоқары дәраматлы ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Мәселен, «Бир миллион программист» жойбары әмелге асырылды, ҳәр бир районда IT орайлардың жумысы жолға қойылды.

Улыўма, соңғы үш жылда мәмлекетимизде жәрдемге мүтәж 3 миллион халықтың турмыс шараятын жақсылап, кәмбағаллық дәрежесин 17 проценттен 11 процентке түсириўге еристик.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Республикамызда жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли сиясатты избе-из даўам еттирип, келеси үш жылда кәмбағаллық дәрежесин 7 процентке шекем төменлетиўди мақсет еткенбиз.

Бундай жоқары шеклерге ерисиўде Өзбекстан халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллер менен өз-ара тәжирийбе алмасыў, биргеликте ҳәр қыйлы бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў арқалы тығыз бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўден мәпдар.

Көп өлшемли кәмбағаллық бойынша өз-ара қарым-қатнас мине, усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди, оның жуўмағында ислеп шығылатуғын  әмелий пикир-усыныслар дүнья көлеминде кәмбағаллықты азайтыўда жаңа қәдем болады, деп үмит етемен.

Пурсаттан пайдаланып, конференция жумысына, оның барлық қатнасыўшыларына табыс тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти