Елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамы алдынан республикамызда бир қатар жаңа объектлер халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы «Жасларды шақырыққа таярлаў» орайы, Әмиўдәрья районында Туўыў комплекси, Төрткүл районында «Asl Smartum» мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеби имаратлары, , Елликқала районында «Бўстон Деним» кәрханасы пайдаланыўға берилди.
Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы «Жасларды шақырыққа таярлаў» орайы ушын жаңа объект пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатансып жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы ҳәмжаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде жасларды ана-Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың физикалық жақтан шыныққан, наўқыран әўлад болып камалга келиўин тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы орай ушын қурылған жаңа объект жасларды шақырыққа шекемги таярлаў, физикалық жақтан шынықтырыў, олардың Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин арттырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, жаслар бул жерде автомобильлерди басқарыў көнликпелерине ҳәм айдаўшылық гүўалығын алыў имканиятына ийе болады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен аталыққа алынған мәмлекетимиз жаслары қатнасыўындағы беллесиўлер жеңимпазы болған Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны жасларынан дүзилген команда ағзаларына баҳалы саўғалар тапсырылды.
Елимизде медицина тараўына, соның ишинде, аналықты ҳәм балалықты қорғаў бағдарында жумыс алып барып атырған денсаўлықты мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әмиўдәрья районында қурылыс жумыслары шеңберинде 14,4 миллиард сум қаржы тийкарында районлық Туўыў комплексиниң жаңа имаратын қурыў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, тоқсанға шамалас туўыў жасындағы ҳаялларға, соның ишинде, аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Усы күни Төрткүл районында «Asl Smartum» мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеби имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, соңғы жылларда билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда жасларды озық-ойлы, билимли ҳәм жетик инсанлар етип тәрбиялаўда билим бериў мәкемелери қатарында мәмлекетлик емес оқыў орынларының да әҳмийети артып бармақта.
Жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған мектепти қурыўға 9 миллиард сум қаржы жумсалып, 440 баланың оқып, билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған ҳәм 42 педагог кадрдың бәнтлиги тәмийинленбекте. Әлбетте, бул мектептиң ашылыўы билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириўде ҳәм жасларды билимли етип тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына тастыйықланған тарийхый ҳүжжетлер тийкарында исбилерменлик тараўындағы шараятлар және де кеңейип, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылмақта. Бул илажлар ѳз гезегинде жаңа исбилерменлик субъектлериниң ашылыўына, исбилерменлердиң финанслық жағдайларының жақсыланыўына унамлы тәсирин көрсетпекте.
Байрам алдынан Елликқала районында жойбар баҳасы 6,3 миллион доллар болған «Бўстон Деним» кәрханасында ийирилген жип ислеп шығарыў, тигиў ҳәм бояў цехлары пайдаланыўға тапсырылып, оның толық қуўатлықта иске түсиўи менен жылына 5 миллион дана текстиль өнимлери ислеп шығарылады ҳәм жаңадан 200 жумыс орны жаратылады. Жаңадан иске түсип атырған кәрхана халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етиў менен бирге, елимиз экономикасының раўажланыўында да әҳмийетли орын ийелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги