Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Жер асты ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасының мәлимлеме хызмети мәлим еткен.

Хабар етилиўинше, нызам жойбарында белгиленип атырған нормалар жер астын геологиялық үйрениў, оннан нәтийжели ҳәм жуўапкершилик пенен пайдаланыў ҳәм қайта толтырыў, оны заманагөй әмелият пенен биргеликте қорғаў ҳәм системалы қадағаланыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Нызам жойбары менен жер астынан пайдаланыў ҳуқықы ушын рухсатнамаларды бериў, есабатларды қабыллаў ҳәм басқа тараўдағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслеринде «бир айна» принципи енгизиледи. Сондай-ақ, жер астынан турақлы пайдаланыў принципи киргизилип, ақылға уғрас пайдаланыў талаплары жер астынан пайдаланыўшылардың миннетлемеси сыпатында белгиленбекте.

Буннан тысқары, руда емес шийки зат кәнлерин излеп табыў ҳәм өзлестириўге байланыслы нормалар күшейтилмекте. Руда емес қазылмаларды геологиялық жақтан үйрениў ҳәм қазып алыў ушын рухсатнамалар рәсмийлестириўдиң анық тәртиби белгилениўи режелестирилген.

Халықаралық әмелиятқа сәйкес түрде «кадастр майданы» түсиниги  де киргизилиўи нәзерде тутылған. Экология ҳәм қоршаған орталықты келешекте кепилли сақлаў мақсетинде жер астынан пайдаланыўда экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң қағыйдалары нәзерде тутылмақта.

Атап өтиўинше, нызам жойбары менен кән-геология жумысларын халықаралық стандартларда экология ҳәм санаат қәўипсизлиги талапларына муўапық түрде әмелге асырыў нормалары жетилистирилди. Сондай-ақ, депутатлардың айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи жер асты байлықларын жуўапкершилик пенен геологиялық жақтан үйрениў ҳәм олардан пайдаланыў, заманагөй өндирис қуўатлықларын иске қосыў, турақлы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға хызмет етеди.

«Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги