Франция президенти Эммануэл Макрон Телеграмның тийкарын салыўшысы Павел Дуров Парижде қолға алынғанына қарамастан, бул мессенджерден белсене пайдаланбақта, деп жазады Politico.
Телефонындағы контактлер дизиминде Макронның номери болған бурынғы парламент ағзасы басылымға мессенджерде оның менен сәўбетин көрсеткен.
Макрон биринши президентлик компаниясы басланғанынан берли телеграм пайдаланыўшысы, деп атап көрсетеди Politico. Басылымның айтып өтиўинше, арадан дерлик он жыл өтип, мессенджерден Франция ҳүкимети ағзалары, түрли дәрежедеги ҳәм партиялардың сиясатшылары белсене пайдаланыўда даўам етпекте.
Еслетип өтемиз, планетамыздың ең бай адамларынан бири, ВКонтактениң тийкарын салыўшысы, Telegram ийеси Павел Дуров өткен шемби күни Франциядағы Ле-Бурже аэропортында қамаққа алынған еди. Ол Франция, БАӘ, Сент-Китс ҳәм Невис пуқаралығына ийе.
Алдыныр ақ Бирлескен Араб Әмирликлери сыртқы ислер министрлиги Франциядан қамаққа алынған Павел Дуровқа барлық консуллық хызметлерин усыныўды талап еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги