Орынларда, әсиресе исбилерменлик субъектлеринде қуяш панельлерин орнатыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм тутыныўдан артқан бөлегин тармаққа жалғаў арқалы қосымша дәрамат алыў бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен үгит-нәсият жумыслары турақлы алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген жумысшы топар ағзалары Нөкис қаласындағы қуяш панельлерин ислеп шығарыўшы кәрханада болды. Мәмлекетимиздиң қуяш панельлерине болған талабын өз ўақтында сапалы қанаатландырыў мақсетинде бул жерде усы жылдың  июнь айында 10 миллион доллардан аслам қаржы есабынан жаңа жойбар иске түсирилди. Өткен ўақыт ишинде кәрхана 600 мВт қуўатлылықтағы қуяш панельлерин ислеп шығарыўға еристи. Кәрхананың өзинде де 125 кВт қуўатлылықтағы  қуяш панельлери орнатылған.

Сондай-ақ жумысшы топар ағзалары Нөкис қаласындағы акционерлик-коммерциялық банклердиң бирине орнатылған 64 кВт, турмыслық техника ислеп шығаратуғын кәрханаға орнатылған 41кВт қуўатлықтағы қуяш панельлериниң жағдайы менен танысты. Оларды көбейтиў ҳәм усы арқалы электр энергияның үнемлениўине ерисиў бойынша усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги