Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң конференциясы

149

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясының ХI есабат-сайлаў конференциясы болып өтти.

Онда партияның районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң есабат-сайлаў мәжилисинен сайланған делегатлар менен бир қатарда партия белсендилери, депутатлар, жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминиң есап бериў дәўиринде партияның “Адолат – ҳәр бир инсан ушын” атамасындағы Сайлаўалды бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўдеги жумысы, Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы шөлкеми Қадағалаў-тексериў комиссиясының 2020-2024-жыллардағы жумысы бойынша есабаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия депутатлық фракциясының жумысы, партияның жаңа Сайлаўалды бағдарламасының жойбары, Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығын ҳәм Өзбекстан “Адолат” СДП Қурылтайына делегатларды сайлаў, Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине талабанларды көрсетиў ҳаққындағы бир қатар шөлкемлестириў ҳәм сиясий мәселелер додаланды.

Атап өтилгениндей, 2019-жылы партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси өз әтирапына 40 мыңға шамалас сайлаўшыны жәмлеген болса, ҳәзирги күнде олардың саны 64 мыңға жеткен. Бул партия ағзалары жәми 481 басланғыш партия шөлкемине бириктирилген. Есабат дәўиринде бағдарламада нәзерде тутылған тийкарғы ўазыйпаларды турмысқа енгизиў мақсетинде ислеп шығылған партия жойбарлары шеңберинде әмелий жумысларға көбирек итибар қаратылды.

Атап айтқанда, “Сайлаўшы менен жүзбе-жүз” жойбары шеңберинде жәми 1 мың пуқаралар жыйынларында 575 мәрте ушырасыў шөлкемлестирилип, 17 мың 958 шаңарақ ҳәм 1 мың 282 хожалық жүргизиўши субъектке барылды.   Бул ушырасыўлар даўамында халық тәрепинен 1 мың 854 мүрәжат келип түсти. Олар бойынша 562 депутатлық сораў жиберилип, 1 мың 292 си унамлы шешимин тапты. Қалған мүрәжатлар орнында ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў арқалы шешилди.

Буннан тысқары, “Сиясий-ҳуқықый билимлерди беккемлеў – демократиялық жәмийеттиң тийкары!” жойбары шеңберинде пуқаралар жыйынларында жәми 1 мың 579 сиясий-ҳуқықый оқыў шөлкемлестирилип, оларда 24 мың 460 қатнасыўшы (пуқаралар жыйынлары турғынлары) қамтып алынды.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия депутатлық фракциясында 5 депутат жумыс алып бармақта. Есабат дәўиринде 53 депутатлық сораў арқалы 61 пуқараның мүрәжаты унамлы шешилди.

Сондай-ақ, мәжилисте унамлы жумыслар менен бир қатарда жол қойылған кемшиликлерге де итибар қаратылды. Соның ишинде, өткен сайлаўларда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тек ғана 5 депутатлық орынға ийе болып, партияның Жоқарғы Кеңесиндеги депутатлық фракциясы ағзалары тәрепинен сессия мәжилислерине машқалаларды алып шығыў, турақлы комиссияларға мәселе киргизиў, лаўазымлы шахслардың есабатларын тыңлаў талап шеңберинде алып барылмай атырғаны ҳаққында сөз болды.

Баянат даўамында Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов усы жылдың 27-октябрь күни болып өтетуғын сайлаўларға пуқта таярлық көрилип атырғаны, өткен дәўирде жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырып, сайлаўларда басланғыш партия шөлкемлериниң белсендилигин арттырыўға, талабанларды орынлы таңлаўда, бақлаўшы ҳәм ўәкилликли ўәкиллердиң сиясий белсендилигин арттырыўға терең итибар қаратылғанын билдирди.

Илажда Оринбай Каримов, Улбосын Сейтжанова, Мавлюда Ембергенова ҳәм бир қатар партия белсендилери ҳәм депутатлар сөзге шығып,  Кеңестиң өткен дәўирде алып барған жумысын қанаатландырарлы деп баҳалады.  Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов Кеңес баслығына қайта сайланды. Сондай-ақ Өзбекстан “Адолат” СДП Қурылтайына делегатлар сайланып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги