– Исбилермен, Телеграм мессенджериниң тийкарын салыўшысы Павел Дуровтың Францияда қолға алыныўы ҳеш қандай сиясий мазмунға ийе емес, – деп жазды социаллық тармақтағы бетинде усы мәмлекет Президенти Эммануэль Макрон. – Бул ис еле жуўмақланбаған тергеў шеңберинде әмелге асырылған.

Сондай-ақ, барлық қарарлар судьлар тәрепинен қабыл етиледи. Әдиллик системасы нызам ҳүрмет етилиўин тәмийинлеўге жуўапкер еркин система. Франция сөз еркинлигин шеклемеўге умтылады ҳәм технологиялық инновацияға унамлы мүнәсибетте. Ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекетте социаллық тармақ яки реал турмыстағы ҳәр қандай еркинлик нызам менен белгиленген шеңберде тәмийинленеди ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықын қорғаў мақсетин гөзлейди.

Дуров 24-август күни жеке меншик самолётында Ле Бурже аэропортына қонып атырғанда усланған.

TF1 телеканалының хабарына бола, бул ўақыя Францияда алып барылған тийисли тергеў процеси менен байланыслы. Тергеўшилердиң пикиринше, «Телеграм» администрациясы ҳәм мәмлекет рәсмийлери арасында модерация жоқлығы ҳәм жетерли дәрежеде бирге ислесилмегени нәшебентлик затлар саўдасы, алдап пул алыў, алдаўшылық сыяқлы жағдайларға қарсы гүрести қыйынластырады.

ӨзА