Устазлардан хабар алынып, ҳүрмет көрсетилди

Ең уллы, ең әзийз байрамымыз ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы алдында Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими хызметкерлери ғалаба хабар қураллары тараўында узақ жыллар жемисли мийнет етип, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы ветеранлардың ҳал жағдайынан хабар алып, оларға ҳүрмет көрсетилди.
Атап айтқанда Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында узақ жыллар мийнет еткен устаз Мәмбет Садуллаев ҳәм ветеран фотохабаршы Жумабай Жақсымуратовлардың шаңарағында болды.
Ушырасыўда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ж.Аяпов, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары Д.Абибуллаев устазларды байрам менен қутлықлады.
Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Мәмбет Садуллаев дерлик ярым әсирге шамалас Қарақалпақстан телевидениесинде редактор, бөлим баслығы, үлкен редактор, бас редактордың орынбасары, бас редактор, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының телевидение бойынша орынбасары, телерадиокомпанияның баслығы, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы “Respublika teleradiomarkazi” мәмлекетлик унитар кәрханасы бас директорының орынбасары, Нөкис телерадио орайының директоры лаўазымларында иследи. Усы дәўир ишинде көплеген шәкиртлер таярлады. Бүгинги күни ҳүрметли дем алыста болыўына қарамастан телерадиокомпаниясы жәмәәтине көрсетиўлер ҳәм еситтириўлер таярлаўда устазлық мәсләҳәтин аямайды.

Жумабай Жақсымуратов 1975-жылы әскерий хызметтен келгеннен кейин “Жеткиншек” газетасына дәслеп корректор болып жумыс баслап, кейин фотохабаршы болып иследи. Мине, соннан берли 2016-жылдың 17-октябрине шекем 40 жыл даўамында “Жеткиншек”, “Вести Каракалпакстана” ҳәм “Еркин Қарақалпақстан” газеталарында мийнет етти. Усы дәўир ишинде өзиниң дөретиўшилик мийнетлери менен кең жәмийетшилик арасында үлкен абырайға еристи. Бүгинги күни өмирлик жолдасы менен ул-қызларының, ақлықларының қызығын көрип, ғаррылық гәштин сүрмекте.
-Байрам алдынан биз ветеранлардың ҳал-жағдайынан хабар алыўға келген Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими хызметкерлерине миннетдаршылық билдиремен,-дейди Жумабай Жақсымуратов.-Ҳәзирги ўақытта журналистлер ушын барлық шараятлар жаратылған. Биз қыйын дәўирлерде мийнет еттик. Сүўретлеримизди газеталардан шығарыў машақат еди. Солай болсада, кәсибимиз арқалы усы дәрежеге жеттик.
Ушырасыў соңында ветеранларға Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Өз гезегинде устазлар мәмлекетимизде кексе әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлық ушын миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги