Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Алойев Египет Араб Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Амира Фаҳмий менен ушырасты.

Тәреплер Өзбекстан-Египет арасындағы ҳәр тәреплеме шероиклик қатнасықлары жедел раўажланып баратырғаны ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў кеңейип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Саўда-экономикалық тараўдағы бирге ислесиў потенциалынан пайдаланыў бойынша қосымша илажлар көриўге өз-ара таярлық тастыйықланды.

Түрли дәреже ҳәм түрдеги болажақ ушырасыўлар кестеси, атап айтқанда, еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги ушырасыўы додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги