Президент Шавкат Мирзиёев 26-август күни Самарқандқа барды.
Ийгиликли қәдириятларымызға муўапық, дәслеп Имам Бухарий мақбарасы зыярат етилди. Қуран оқылып, пәтия етилди.
-Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдында турмыз. Илайым, ғәрезсизлигимиз даўамлы болсын, елимизге көз тиймесин. Халқымызды разы етиў бойынша жумысшыларымызға Алланың өзи мәдеткар болсын. Бул комплексти қурыўдан мақсетимиз де Имам Бухарий бабамыздың қәдирин және де арттырыў, дүньяға жар салыўға тийкар жаратыў. Бундай қайырлы ислеримиз көп болсын,- деди Шавкат Мирзиёев.
Бизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен Имам Бухарий комплекси жаңадан қурылмақта. Мақбараның майданы 600 квадрат метр, бийиклиги 28 метр етип кеңейтилген. 10 мың адамға мөлшерленген мешит қурылған. Комплекстиң төрт тәрепиндеги 75 метрлик минаралар оған уллылық бағышлаған. Бүгинги күнде қурылыс ҳәм инженерлик жумыслары жуўмақланып, пардозлаў басқышы басланған. Онда миллий дәстүрлер ҳәм көзге ысық реңлерге өз алдына итибар берилген.
Мәмлекетимиз басшысы усы қурылыс ҳәм пардозлаў жумыслары менен танысты. Енди комплексте заманагөй, қәўипсиз басқарыўды енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
– Бул комплекс уллы руўхый үстин болыўы керек,-деди Президент.
Жуўапкерлерге барлық район ҳәм қалалардағы теберик зыярат орынларын тиклеў, олардың тарийхы ҳәм мазмунын дурыс анық жеткерип бериў бойынша көрсетпелер берилди.
Комплексте, сондай-ақ, музей, нағыслы әйўанлар, ҳәкимшилик ҳәм хызмет көрсетиў имаратлары қурылмақта. Мәмлекетимиз басшысы енди салынатуғын музейди де көзден өткерди.
Самарқандқа сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы Ҳәзирети Ҳизр комплексинде де болып, мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Каримов мақбарасына гүл қойды.
Қуран оқылып, пәтия етилди.
ӨзА