Винисиус не ушын спорт тарийхындағы ең дәраматлы шәртнамадан бас тартқаны мәлим болды
259

«Реал Мадрид» ҳүжимшиси Винисиус Жуниор Саудия Арабстаны чемпионатына өтиўди мәўсим соңына шекем кешиктирди. Буған футболшының «Алтын топ»ты қолға киргизиў итималы бар екени себеп болған. Бул ҳаққында ESPN хабар бермекте.
Алдыныр-ақ, ҒХҚда Саудия клубларынан бири Винисиусқа жылына 350 миллион евро айлық усыныс еткени ҳаққында мағлыўмат пайда болған еди. 24 жастағы ҳүжимши ушын төлем пулы 1 миллиард евроны қурайды.
2018-жылы Мадрид клубына көшип өткен футболшы 176 ойында 49 мәрте қарсыласлар дәрўазасына гол урған.
Трансфермаркт порталында берилген мағлыўматларға бола, футболшының базар баҳасы 180 миллион евроға баҳаланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги