Жумысқа қабыллаў ўақтында жумысқа кирип атырған шахслардан талап етилетуғын ҳүжжетлер дизими қысқартылмақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ХДП фракциясының гезектеги мәжилисинде додаланған нызам жойбарына бола, атап айтқанда, информация системаларынан алыў имканияты жаратылғаны ушын мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди мийнет дәптершелерди ҳәм жыйналып барылатуғын пенсия дәптершесин талап етиў бийкар етилмекте.

Фракция ағзалары жойбар менен партия электораты ушын бир қатар жеңилликлер берилип атырғаны, артықша әўерегершиликлердиң алды алынып атырғанын айтып, оны және де жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар берди.

Сораў-жуўаплардан кейин нызам жойбары фракция ағзалары тәрепинен мақулланды.

Мәжилисте, сондай-ақ, «Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы Конвенциясын (Женева, 1970-жылы 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбары да додаланды.

Атап өтилиўинше, Конвенцияның тийкарғы мақсети — барлық ислейтуғын хызметкерлерге дем алыс ҳәм ислеў қәбилетин тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа мийнет ҳақы сақлап қалынған ҳалда хызметкер жумыстан азат етилетуғын, хызметкерге ҳәр жылы жумыс жылы даўамында берилетуғын дем алысларды тәмийинлеўден ибарат.

Фракция ағзалары Конвенцияның ратификацияланыўы миллий нызамшылықты және де жетилистириўге, сондай-ақ, дем алыс ҳәм ҳақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтип, оны қоллап-қуўатлады.

Күн тәртибине киргизилген басқа мәселелер де көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабылланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги