Президент пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўге қаратылған Пәрманға қол қойды.

Пәрман менен мәмлекетимиз раўажланыўының бүгинги басқышында тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың пуқаралық жәмийети институтларының орнын арттырыўға хызмет ететуғын ең әҳмийетли алты бағдары белгилеп берилди.

Президент мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ушын мүнәсип жойбарларды таңлап алыў сапасын ҳәм ашықлығын арттырыў мақсетинде тараўдағы институционаллық өзгерислерди қоллап-қуўатлады.

Атап айтқанда, Парламент жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, социаллық жойбарлардың мәнзиллилиги тәмийинленеди, бюрократияға шек қойылады.

Пуқаралық жәмийети институтларына мәмлекетлик субсидиялары, грантлар ҳәм социаллық буйыртпаларды ажыратыўға байланыслы барлық процесслердиң ашықлығын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир электрон платформа иске түсириледи.

Пәрманға бола, социаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған төмендеги механизмлер енгизилмекте:

– ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар социаллық буйырта таңлаўлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери менен ашық сәўбет өткереди;

– мәмлекетлик уйымларға пуқаралық жәмийети институтларының басламалы социаллық бирге ислесиў жойбарларын БЕМниң 1 000 есесине шекем таңлаўларсыз қаржыландырыў хуқықы бериледи;

– ҳәр жылы Ҳүкимет социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўына пуқаралық жәмийети институтларын социаллық шериклик тийкарында қосыў бойынша бағдарлама қабыл етеди.

Социаллық әҳмийетке ийе жумысты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтларына төмендеги жеңилликлер берилмекте:

– мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпа жойбарлары шеңберинде дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкалары 3 жыл мүддетке 50 процентке азайтылмақта;

– 2025-жылы 1-январьдан баслап майыплар, нуранийлер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар шөлкемлерин дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы 2 есеге азайтылады;

– қәўендер шөлкемлердиң социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға қайырқомлық пулының салық салынбайтуғын муғдары әмелдеги 15 млн сумнан 34 млн сумға шекем (БЕМниң 100 есеси) арттырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги