Нөкисте Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминиң гезектеги конференциясы болып өтти.
Конференцияда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге партиядан сайланған депутатлар, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң есап бериў дәўириндеги жумысы, болып өтетуғын сайлаўларда мүнәсип қатнасыў ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қурылтайына делегатлар сайлаў мәселелери көрип шығылды.
Ҳәзирги күнге келип, партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш партия шөлкемлериниң саны 849 ды, партия ағзаларының саны болса 44 мың 180 ди қурамақта. Ҳәзирги ўақытта, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракция ағзаларының саны 11, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслеринде 96, жәми 107 депутат жумыс алып бармақта. Өткен есап бериў дәўиринде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңес ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине партиядан сайланған депутатлар 2 мың 255 депутатлық сораўын әмелге асырды.
Жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелерде жасап атырған жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, майыплығы болған, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиў ушын «Хызмет-бийминнет» жойбары шеңберинде өткен дәўир ишинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 170 бийпул оқыў курсы шөлкемлестирилди. Оларда 1 мың 120 жәмлеспеген жас ҳәм ҳаял-қызға қосымша бийпул тәлим берилип, кәсип-өнер үйретилди.
Ҳәзирги күнде елимизде бир неше сиясий күшлердиң жумыс алып барып атырғаны жәмийетте саламат бәсекини пайда етип, оларды ҳақыйқый гүреске шақырмақта. Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы бул процессте белсене қатнасып, ел нәзеринде болыўға, ҳақыйқый мәниде халық исенген партияға айланыўға шын кеўилден ҳәрекет етпекте. Оған ерисиў ушын, бәринен бурын, партия дәўир тезлигине ҳәм ҳәзирги күн талабына сәйкес ҳалда жумыс алып барыўы керек.
Бир сөз бенен айтқанда, конференцияда партия шөлкеминиң есап бериў дәўириндеги жумысы сын көзқарастан талланды ҳәм илажлар белгилеп алынды. Атап айтқанда, партия қатарын идея ҳәм мақсетлерге исенген интакер ҳәм излениўшең пуқаралар есабынан турақлы толтырып барыў, олардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин жоқарылатыў мақсетинде илажлар сапасын арттырыў бойынша илажлар белгилеп алынды ҳәм сайлаўларда мүнәсип қатнасыў керек екенлиги атап өтилди.
Конференция күн тәртибинде басқа мәселелер де ҳәр тәреплеме додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Даўыт Абибуллеав,
Қарақалпақстан хабар агентлиги