Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында Сингапурдың “MARSHALL CAVENDISH EDUCATION” шөлкеми менен биргеликте “Табыслы реформалар – жоқары нәтийжелер” атамасында өткерилген семинар-тренинглердиң 3-басқышы жуўмақланды.

Бул илажларға 2100 ден аслам педагог кадрлар қамтып алынды.

Алдын хабар бергенимиздей, семинарлар мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармалары менен биргеликте усы жылдың август айынан баслап, каскад усылында район ҳәм қалалар және мектеплер дәрежесинде даўам етип, усы жыл 5-9-август күнлери Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўиниң районлық бөлимлериниң басшылары (1 мәртелик), мектеп басшылары, математика ҳәм тәбийғый пәнлер (физика, химия, биология) муғаллимлерин каскад усылында оқытыў мақсетинде оқыў-тренинглер шөлкемлестирилди.

Каскад усылындағы оқыў-тренинглерди шөлкемлестириўден мақсет – Сингапур тәжирийбеси тийкарында мектеп басшылары ҳәм муғаллимлериниң маманлығын арттырыў, оларды кәсиплик раўажландырыў, алдыңғы тәжирийбелер менен таныстырыў, оқыўшылардың билимин ҳәм көнликпелерин баҳалаў және раўажландырыў, “Marshall Cavendish Education” билимлендириў шөлкеминиң экспертлери тәрепинен өткерилген тренинглерде берилген тәжирийбелерди республикамыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплери ҳәм пән муғаллимлерине  толық жеткериўден ибарат.

Аймақларда каскад усылында даўам еткен оқыўлар 19-24-август күнлери мастер-тренер, тренер-координатор ҳәм ментор-оқытыўшылар жәрдеминде ҳәр бир улыўма билим бериў мектебинен таңлап алынатуғын 1 жетекши муғаллимлер ушын район (қала)ларда белгиленген таяныш мектеплерде тренинглер шөлкемлестирилди.

Тренинг жуўмағында барлық қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.

Енди 26-31-август күнлери барлық жетекши муғаллимлер тәрепинен өз мектеплериндеги барлық математика ҳәм тәбийғый пәнлер (Science) муғаллимлери ушын тренинглерди шөлкемлестириў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги