Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев 22-23-август күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.
Дүньяда тили, үрп-әдетлери, мәденияты, ҳәттеки сыртқы көриниси жағынан бир-бирине уқсап кететуғын миллет ҳәм хылықлар көп. Өзбек ҳәм әзербайжан халықларын әне, усылар қатарына биймәлел қоса аламыз. Сәўбетлессе араға дилмаш керек емес. Олар бир-бириниң елине мийманға барса өзлерин бийгана сезинбейди. Минез-қулқы, инсанийлығы ҳәм мийнеткешлиги уқсап кетеди. Уқсаслық болса кеўиллерин жақынластыра береди.
Бул еки уллы халықты әсирлер даўамында бир-бирине тутастырып келген байланыслар жүдә көп. Халықларымыздың ортақ естелиги есапланатуғын «Авесто», «Ғәрийп Ашық», «Гөрўғлы» сыяқлы әййемги естеликлер әзелий туўысқаншылық ҳәм дослықтың айқын көриниси болып есапланады. Өзбек мақамлари ҳәм Әзербайжан муғамлары арасындағы сәйкеслик ҳәр еки халық арасындағы жақынлықты өзинде сәўлелендиреди. Поэзия мүлкиниң султаны Ҳәзирети Мир Әлийшер Наўайы уллы Шығыс ойшылларынан бири Низамий Ганжаўийди өзиниң устазларынан бири сыпатында тән алған. Өз гезегинде, Муҳаммед Фузулий Ҳәзирети Наўайының даўамшыларынан болып саналады.
Мәмлекет басшыларының үзликсиз ушырасыўлары ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан- Әзербайжан арасындағы кең көлемли қатнасықлары және де беккемленип, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жоқары басқышқа көтерилди.
23-август күни Көксарай резиденциясында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевти салтанатлы күтип алыў мәресими болды.
Еки мәмлекет байрақлары менен безелген майданда Әзербайжан Президенти ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тар шеңберде ушырасыў ҳәм Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисин өткерди.
Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Республикасы Президентиниң бул ретки мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя екенин айрықша атап өтти.
– Бүгин биз Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қоямыз. Бир неше жыл даўамында биз биргеликте Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларын мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежесине көтериўге еристик,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сондай-ақ, көп тәреплемели бирге ислесиўди әмелге асырыў ҳәм оны анық мазмун менен байытыўдың нәтийжели механизмине айланыўы зәрүр болған Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жетекшилер еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Парламентлер, ҳүкиметлер, тармақ уйымлары ҳәм аймақлар арасында тығыз байланыслар жолға қойылды. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислери, форум ҳәм көргизбелер, көплеген мәдений илажлар турақлы түрде өткерилмекте. Исбилермен топарлар арасында бирге ислесиў кеңеймекте.
Атап өтилгениндей, келеси жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленеди.
Мәмлекетимиз басшысы бул қутлы сәнени кеңнен белгилеў мақсетинде илажлар бағдарламасы ҳәм бир жылға мөлшерленген Уйымлараралық қарым-қатнас ҳәм алмасыўлар режесин таярлаўды усыныс етти.
Буннан тысқары, ендиги жылды Өзбекстан ҳәм Әзербайжан экономикалық кооперациясы жылы деп жәриялаў ҳәм 20 тийкарғы бағдарды қамтып алған комплексли бағдарламаны қабыллаўға келисип алынды.
Товар алмасыў көлемин бир неше мәрте арттырыў ҳәм санаат кооперациясының жаңа басқышына өтиў, соның ишинде, үшинши мәмлекетлердеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Кеше ғана болып өткен бизнес форумның жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан артық перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди. Бул энергетика, химия, таў-кән, тоқымашылық, аўыл хожалығы, қала қурылысы ҳәм басқа бағдарлардағы кооперациялық жойбарлар болып есапланады.
Усы мәниде, Өзбекстан-Әзербайжан инвестициялық компаниясы бундай жойбарларды коллап-қуўатлаў қуралы сыпатында нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм басқа да инфраструктуралық жойбарларды, соның ишинде, көп тәреплеме тийкарда әмелге асырыў арқалы еки мәмлекет арасындағы өз-ара байланыслылықты күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тәреплер авиақатнаўлар санын арттырыў, жер үсти ҳәм ҳаўа транспорты бойынша тәртип-қағыйдаларды имканы болғанынша жеңиллестириў, санлы шешимлерди енгизиўге келисип алды.
Аймақлар аралық байланысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. 2025-жылға мөлшерленген өз алдына Аймақлараралық бирге ислесиў режеси, еки мәмлекет аймақларының санаат потенциалы ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша шериклик бағдарламасын қабыллаў ҳәм гезектеги Аймақлар форумын Қоқанд қаласында өткериўге келисип алынды.
Мәмлекет басшылары мәденият ҳәм көркем өнер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жаслар ҳәм мәлимлеме сиясаты, спорт тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў бойынша келисимге еристи.
Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет жетекши университетлери ректорларының турақлы ушырасыўлары механизмин жолға қойыў, биргеликтеги медиа форумды өткериў усынысын билдирди.
Өз-ара туристлер ағымын, гуманитарлық ҳәм бизнес алмасыўларды көбейтиў мақсетинде пайтахтларымызда туризм ҳәм исбилерменлик комплекслерин қурыў перспективалары да додаланды.
Еки тәреплеме қатнасықларды мәлимлеме-таллаў жағынан қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиў потенциалын терең талқылаў ҳәм жүзеге шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, көп тәреплеме структуралар шеңберинде жедел қарым-қатнас ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў мәселелерин додалады.
Мәжилис соңында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға қарар етилди.
Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисиниң соңында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртанамға қол қойды ҳәм Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисиниң қарарын қабыллады.
Мәмлекет басшылары тәрепинен төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:
-Мийнет етиўди ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
– Сыртқы ислер министрликлери арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси;
– Мектепке шекемги билимлендириў, кәсип-өнер билимлендириўи, орта арнаўлы, жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протоколлар;
– 2024-2026-жылларға мөлшерленген мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша «жол картасы»;
– 2024-2026-жылларға мөлшерленген туризм тараўындағы ҳәрекетлер режеси;
– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти жанындағы Пуқараларға хызмет көрсетиў ҳәм социаллық инновациялар мәмлекетлик агентлиги арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң маманлығын арттырыў орайы ҳәм Әзербайжан Республикасы Әдиллик министрлиги Әдиллик академиясы арасында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм Әзербайжан Республикасы Ишки ислер министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Суд экспертизасы орайлары арасында бирге ислесиў ҳаққында протокол.
Сапар шеңберинде Ташкент ҳәм Баку, Шаҳрисабз ҳәм Байлаган, Жиззақ ҳәм Губа қалалары арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер ҳәм басқа да еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев өткерилген сөйлесиўлер бойынша өз пикирлерин билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық қатнасықларын раўажландырыўда тарийхый ўақыя болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев сапардың тийкарғы нәтийжелеринен бири сыпатында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы айрықша атап өтти. Бул, Өзбекстан жетекшиси атап өткениндей, мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа бет ашылғанын аңлатады ҳәм тәреплердиң көп тәреплемели шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қатаң садықлығын тастыйықлайды.
Сапар даўамында аўқамласлық қатнасықларды тереңлестириў бойынша жаңа усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдың нәтийжели механизми болыўы нәзерде тутылған Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси де болып өтти.
Өзбекстан Президенти жыл басынан берли Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлер, парламент ағзаларының ушырасыўлары, аймақлар форумы сондай-ақ, бир қатар мәдений ҳәм исбилерменлик илажлары өткерилгени усы саммит нәтийжесиниң тийкары болғанына итибар қаратты.
Өзбекстан туўысқан Әзербайжанның үлкен табысларынан қуўанышлы.
Мәмлекетимиз басшысы туўысқан мәмлекетте экономика, санаат жедел раўажланып, халықтың турмыс дәрежеси жақсыланып атырғанын атап өтти. Илҳам Алиевти Әзербайжанның аймақлық пүтинлиги тикленгени ҳәм әзелий әзербайжан жерлери қайтарылғаны менен және бир рет қутлықлады.
Социаллық инфраструктура ҳәм өндирис объектлери жедел қурылып атырған Қарабақ қайта тикленип атырғанына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Әзербайжанды бул уллы исте буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр.
Әзербайжан бизиң әҳмийетли стратегиялық бирге ислесиўшимиз ҳәм аўқамласымыз болып есапланады. Бизди ортақ тарийхий тамырларымыз ҳәм көп әсирлик дослығымыз, бирден-бир дин, уқсас мәденият ҳәм дәстүрлер байланыстырып турады. Булардың барлығы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ушын исенимли тийкар болып хызмет етпекте, -деди Өзбекстан басшысы.
Үшинши мәмлекетлердеги перспективалы жойбарларда биргеликте қатнасыў бойынша қолланбалар бар екенлиги айтылды. Усы мәнисте, бундай жойбарларды алға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилген биргеликтеги инвестиция компаниясы нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Транспорт байланыслылығын, соның ишинде Транскаспий жолын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер «жасыл» энергия ислеп шығарыў ҳәм оны Әзербайжан арқалы Европа мәмлекетлерине экспорт етиў бойынша кең көлемли регионаллық жойбарды әмелге асырыўды тезлестириўге келисип алды.
Эстрада көркем өнериниң таң қалдырарлық жулдызлары Фарруҳ Закиров ҳәм Пўлат Булбул улының жоқары хызметлерин тән алыў сыпатында Президентлер оларға еки мәмлекеттиң «халық артисти» ҳүрметли атақларын бериўге қарар етти.
Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы әзербайжанлы кәсиплесине усыныс ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Табыслы сөйлесиўлердиң нәтийжелери Өзбекстан-Әзербайжан байланысларын және де раўажландырыўға күшли түртки беретуғынына ҳәм туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм аўқамласлық қатнасықларды беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев еки мәмлекет исбилерменлери менен ушырасыў өткерди.
Илажға Әзербайжанның PASHA Holding, SOCAR, SOFAZ, Agalarov Development, Silk Way Group, Matanat, Sarda Group, AzerGold, Azermash, Әзербайжан инвестиция холдинги, «Әзербайжан темир жоллары», «Алят» еркин экономикалық зонасы ҳәм басқа да жетекши компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Президенти исбилерменлерди қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық шерикликти кеңейтиўдеги әҳмийетли орнын айрықша атап өтти.
– Сизлер инновацияларды исеним менен енгизип, кәрханалар ҳәм жумыс орынларын жаратып, экономиканың ҳәрекетлендириўши күши болмақтасыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Бундай формада биринши мәрте өткерилип атырған илаж еки мәмлекет саўда-экономикалық бирге ислесиўинде жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги саммиттиң салмақлы нәтийжелери ҳаққында қанаатланыўшылық пенен сөз етти. Сөйлесиўлерде бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртиби додаланып, перспективалы «өсиў ноқатлары» белгилеп алынды. Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.
– Биз мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң ең жоқары басқышына шықтық ҳәм Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларында әмелде жаңа бет аштық,-деди Өзбекстан басшысы.
Сөйлесиўлердиң тийкарғы жуўмақлары сыпатында мәмлекетлеримизде бизнес ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, биргеликте сыртқы базарларға шығыў бойынша келисимлерге ерисилгени атап өтилди.
Соңғы жыллары бул бағдарда үлкен жетискенликлерге ерисилди. Товар алмасыў көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалардың саны бир неше есеге артты, бир қатар кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта, аймақлараралық алмасыўлар жеделлести, биргеликтеги Инвестиция компаниясы нәтийжели жумыс алып бармақта.
Президентимиз Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери тәрепинен жәрияланған Экономикалық кооперация жылы шеңбериндеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда мине, усы бизнес тийкарғы драйвер болыўы ҳәм шешиўши роль атқарыўы керек екенлигин айрықша атап өтти.
Бул бирге ислесиўдиң 20 тийкарғы бағдары бойынша перспективалы жойбарлар болып есапланады.
– Биз ҳүрметли Илҳам Гейдарович пенен бир пикирдемиз: бирге ислесиў келешеги бизнеске байланыслы, еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықлардың ертеңги күни сизлерге байланыслы,-деп жуўмақлады Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң нәтийжели ҳәм қолайлы жумыс алып барыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылатуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары көрсетилип атырған итибар ушын Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлерине миннетдаршылық билдирип, жаңа кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелери ҳаққында мағлыўмат берди.
Ушырасыў соңында мәмлекет басшылары кооперациялық жойбарларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.
Ташкент қаласында мийманхана ҳәм турақ жай комплекслерин қурыў, Қашқадәрья ўәлаятында қурылыс материалларын ислеп шығарыў, Әзербайжанда тоқымашылық кластерлери ҳәм тигиўшилик фабрикасын шөлкемлестириў ҳәм басқа да жойбарлар солардың қатарына киреди.
Президентлер бул жойбарларға старт берип, олар өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, заманагөй өндирис қуўатлықларын ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Буннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев өмирлик жолдаслары менен биргеликте еки мәмлекеттиң көркем өнер ғайраткерлериниң концертинде қатнасты.
Өзбек ҳәм әзербайжан халықларын улыўмалық тарийхый тамырлар, бирден-бир дин, уқсас мәденият ҳәм үрп-әдетлер байланыстырып турады.
Президентлердиң ерк-ықрары ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли халықларымыз және де жақынласты, мәмлекетлераралық қатнасықлар аўқамласлық дәрежесине көтерилди.
Өзбекстанда да, Әзербайжанда да еки мәмлекет мәденият ғайраткерлериниң дөретиўшилигине үлкен ҳүрмет ҳәм меҳир менен қарайды. Президентлер пәрманы менен көпшиликке танылған қосықшылар Фарруҳ Закиров ҳәм Пўлат Булбул улына «халық артисти» ҳүрметли атақлары берилди.
Концерт өзбек ҳәм әзербайжан халықларының көп әсирлик дослығы, үйлесикли дәстүр ҳәм қәдириятларын және бир мәрте көрсетти.
Талантлы қосықшылардың атқарыўындағы қосық ҳәм намаларда мәдениятымыздың байлығы ҳәм рәң-бәреңлиги, соның менен бирге, уқсас ҳәм өзине тәнлигин сәўлелендирди.
Соның менен Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.
ӨзА