Жедел жаўынлар ақыбетинде Түркия пайтахты Анқараны суў басты.
Жерасты жоллары, көплеген үлкен ҳәм киши көшелер, айырым жайлардың биринши кабатлары ҳәм дүканлар, транспорт қураллары суўға толған.
TRT Haber хабарына бола, 25-август сәнесинде күнниң ярымында басланған жаўын пайтахт өмирин өзгертип жиберди. Чанкая, Чубук, Акюрт, Қахраманказан, Пурсақлар, Кечиорен, Этимесгут, Енимаҳалле, Синкан, Гёлбаши ҳәм Мамак районларында барлық жумыс процесллери тоқтап қалған.
Айырым айдаўшылар тығылысларда зорға ҳәрекетленген болса, айырым машиналар суўдан шығалмай қалып кеткен.
Жергиликли коммуналшылар суўды ағызып жибериў ушын питип қалған темир торларды ашыўға тартылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги