Ҳәмиледарлық – ҳаял организминде үлкен өзгерислер жүз беретуғын ўақыт. Атап айтқанда, бул дәўирде тислер ҳәм тис ети менен байланыслы айырым машқалалар пайда болыўы мүмкин.
Бундай ўақытта ҳаяллар тислерин емлетиўи мүмкин бе?
Бул сораўға жоқары категориялы шыпакер Миравзал Ирханов жуўап берди.
«Ҳәмиледарлықта тислер ҳәм тис етлериниң жақсы қаралыўы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул жағдай улыўмалық саламатлыққа да тәсир етеди.
Бул дәўирде гормонал өзгерислер себепли тис ети ҳәм тислер сезиўшең болып қалады. Ақыбетинде тис етлери исип, тез-тез қанайды. Исиў (гингивит) ҳәмиледарларда жүдә кең тарқалған кеселлик болғаны себепли, тислерди өз ўақтында емлетиў ҳәм профилактика илажларын көриў зәрүр.
Егер бул машқалалар тез сапластырылмаса, олар және де аўыррақ кеселликлерге себеп болыўы, соның ишинде, пародонтит – тис етиниң аўыр исиўи ҳәм тислердиң түсиўине алып келиўи мүмкин.
Әлбетте, ҳәмиледарлықта тислерди емлетиў мүмкин, бирақ оның ушын айырым қағыйдаларға әмел етиў мақсетке муўапық.
Әсиресе, биринши үш айлықта ҳәр қандай емлениўди кешиктириў усыныс етиледи. Себеби, бул дәўир ҳәмиле ушын ең әҳмийетли раўажланыў ўақыты болып есапланады.
Екинши үш айлық болса, керисинше тислерди емлетиў ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз дәўир болып есапланады. Себеби бул ўақытқа келип, ҳәмилениң тийкарғы органлары қәлиплесип үлгереди.
Үшинши үш айлықта да емлениўди имканияты барынша кешиктириў ямаса жеңил тәртипте өткериў керек. Қалаберди, узақ мүддетли емлеўлер ямаса аўыр операциялардан қашыў мақсетке муўапық. Себеби, бул жағдай ҳаялдың улыўмалық жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Сондай-ақ, қағыйдаларға бола, ҳәмиледарлық ўақтында рентген нурларынан қашыў усыныс етиледи. Бирақ заманагөй рентген аппаратлары киши дозада нур тарқатыўын инабатқа алсақ, егер тислерди рентген етиў зәрүрлиги пайда болса, оны арнаўлы қорғаў қуралларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырыў мүмкин.
Бул дәўирде тислерди емлеўде қолланылатуғын анестезия қураллары ҳәм дәрилерге де айрықша итибар бериў керек. Шыпакерлер әдетте ҳәмиле ушын қәўипсиз болған анестезия қуралларын таңлайды. Бирақ, ҳәр қандай емлениў алдынан ҳаял ҳәмиледар екенлиги ҳаққында стоматогқа хабар бериўи зәрүр.
Қалаберди, бул дәўирде тислерди күнделикли тазалаў оғада әҳмийетли. Тислер ҳәм тис етлерин жуўыў ушын жуўан щеткалар ҳәм тис жиплеринен пайдаланыў керек. Соның менен бирге, пайдаланылатуғын дәри қуралларын стоматолог ямаса терапевт пенен мәсләҳәтлескен ҳалда әмелге асырыў керек.
Аўқатланыўда болса калций ҳәм витаминлерге бай азық-аўқатларды пайдаланыў усыныс етиледи», дейди қәниге.
Қарақалпақстан хабар агентлиги