27-август күни пайтахтымызда «Өзбекстан ҳәм Әзербайжан: өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары» темасында гибрид форматтағы онлайн конференция болып өтеди.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Әзербайжан Республикасы Халықаралық қатнасықларды таллаў орайы менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Әнжуман Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапарының жуўмақларын додалаўға бағышланады.
Илажда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан дипломатиялық ўәкилликханалары және еки мәмлекеттиң жетекши таллаў ҳәм изертлеў орайлары және экспертлери қатнасады.
Күн тәртибинен Өзбекстан – Әзербайжан шериклигиниң бүгинги жағдайы, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳәм еки мәмлекеттиң транспорт-логистика қатнасықларын раўажландырыў мәселелери орын алған.
ӨзА