Республикамыздың қала ҳәм районларында “Мәҳәлле абат-журт абат” сүрени астында улыўма халықлық шембилик шөлкемлескенлик пенен өтти.
Еки күн даўам еткен илажлан гөзленген мақсет, ең уллы, ең әзийз байрам-мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығын мүнәсип күтип алыў, пуқаралар жыйынлары, елатлы пунктлерди, қыябанлар, зыярат орынлары менен қойымшылықларды ҳәм басқа да аймақларды абаданластырыўдан ибарат.
Өзбекстан мәҳәллери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында шөлкемлестирилген штаб ағзаларының атап өткениндей, қайырқомлық шембилигинде дерлик 1 миллионнан аслам адам, соннан 400 мыңға шамалас жас қатнасты. Олар тәрепинен 3 мың 468 гектардан аслам майдан абаданластырылып, 2 мың 962 тонна шығынды алып тасланды. 1 мың 932 километр узынлықтағы салма ҳәм лотоклар тазаланып, бул жумысларға 1 мың 403 техника қатнастырылды. Соның менен бирге, 303 қойымшылық ҳәм 24 зыярат орны абаданластырылды.
Қайырқомлық илажы даўамында жәрдемге мүтәж 713 шаңарақтың турақ жайлары оңлап берилди. Кем тәмийинленген 10 мың 205 шаңарақтың үй қапталы қыйтақ жерлери исленди. 794 жәрдемге мүтәж шаңарақ, соның ишинде майыплығы болған шахслар менен жалғыз қәриялардың ҳал-жағдайынан хабар алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги