Қоңырат районындағы Жаслар орайында кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў қәнигелери, нуранийлер ҳәм жаслар, аймақ турғынларының қатнасыўында жаңа “Термизийлер китапханасы”ның ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў мересиминде район ҳәкими Бекзод Мадаминов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры, “Дослық”, “Меҳнат шуҳрати” орденлери ийеси Сирожиддин Саидов, елимизге белгили жазыўшы-шайырлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен жыйналғанларды қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.



Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев алға қойған бес баслама шеңберинде мәмлекетимиз бойлап, кең көлемли дөретиўшилик ҳәм ағартыўшылық жумыслары әмелге асырылмақта. Басламаның төртинши бағдары – жаслардың мәнаўиятын жетилистириў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат екенлиги де  буны тастыйықлайды.

Бүгинги күнде бул ийгиликли басламаның нәтийжеси турмысымызда айқын көринисин таппақта. Китапқумарлар саны көбейип, китапханалардың саны артпақта. Бул китапхананың ашылыўы усындай қайырлы ислердиң гезектегиси болып есапланады.

Китапханаға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен жәми 1 мың данадан аслам, ал сурхандәрьялы исбилермен Ислам Худойбердиев тәрепинен тарийхый, сиясий ҳәм әдебий китаплар саўға етилди.


-Алты мыңнан аслам китап фондына ийе болған бул зия орны ғәрезсизлик байрамы алдынан район халқы, әсиресе, жаслар ушын ылайықлы саўға болды,- дейди Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Бахтияр Сақлапов.

Китапхана фонды барлық тараўға тийисли әдебиятлар, китапқумарлардың билим дәрежесин арттыратуғын топламлар менен байытылғанлығы да әҳмийетли.

Жас китапқумарлар ушын шөлкемлестирилген бул китапхана олардың сүйикли орнына айналатуғынына исенемиз.

Илаж китапқумар жаслардың қатнасыўында Мушайра кешеси менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги